Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў мақсетинде 10-февраль күни Жиззақ ўәлаятына барды.

Сапар бағдарламасындағы биринши мәнзил Пахтакор районындағы «Пахтакор элита туқымгершилиги» фермер хожалығы болды. Хожалық майданы 100 гектар болып, соннан 80 гектарында пахта ҳәм ғәлле, қалған бөлиминде соя, чеснок, жоңышқа егилген.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы октябрьде Сырдәрья ўәлаятында болғанында атыз шетлериндеги жерлерден пайдаланыў, фермерлер менен жумысшыларға қолайлық жаратыў ушын дала үйлерин қурыў зәрүр екенлигин айтқан еди. Оның орынланыўы ҳәм нәтийжеси усы фермер хожалығында көринди. Атыз шетине тут, жүзим, палыз ҳәм собықлы өнимлер егилген, пал ҳәрре уялары қойылған. Жеңил конструкциялардан дала үйи қурылған, оның төбесинде қуяш панеллери орнатылған.

Президентимиз усы үйди кирип көрди, фермердиң шаңарағы менен сәўбетлести.

Аўыл хожалығы тараўының жуўапкерлери ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлериниң басшылары менен сөйлесиўде өнимдарлықты арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

– Биз неге байлығымыз болған жерди кластерлерге бердик? Халыққа пайдасы тийиўи ушын. Енди кластерлер реформаларға мүнәсип болып, мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўы керек. Аўыл хожалығын санаатластырыў, кәрханалар ашыў ҳәм жумысты үйге алып ислеў арқалы өзиниң аймағында жумыссызлықты азайтыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәммемизге белгили, елимизде жумыссыз пуқараларға дийқаншылық ушын жерлер ажыратылмақта. Жиззақ ўәлаятында бул арқалы 13 мыңнан аслам жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген.

– Бир ўақытлары 1 гектар жерди халыққа бериў мүмкин емес еди. Ҳәзир 200 мың гектар ажыраттық. Не ушын? Адамларға дәрамат дәреги болыўы ушын. Енди «шаппат еки қолдан шығыўы» керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Фермерлердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, мәҳәллелердиң «өсиў ноқатлары»н қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев «Жиззақ» еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың жумысы менен танысты.

Алдынлары Жиззақ ўәлаятының санаат көрсеткишлери халықтың жан басына ең төмен болған аймақлардан бири еди. Ҳәзирги күнде ҳәр бир районға санаат кирип барды.

«Жиззақ» еркин экономикалық зонасында 27 жойбар әмелге асырылып, 5 мың 300 ге шамалас жумыс орны жаратылған. Кейинги жыллары оның жумысы жетилистирилип, бизнеске қолайлық кеңейтилди. Ҳәзир бул жерде көп түрдеги санаат өнимлери ислеп шығарылмақта. Олардың қатарына 2022-жыл октябрьде «Iruskon» кондитерлик кәрханасы да қосылды.

Мәмлекетимиз басшысы оның жумыс процесин, өнимлерин көзден өткерди.

Кәрханада Россия, Түркия, Германия ҳәм Италия тәжирийбеси тийкарында «Deya» бренди менен экспортта өтимли өнимлер ислеп шығарылмақта. Жыллық қуўатлылығы 12 мың тонна. 100 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленген. Келеси жылы екинши басқыш ушын Германия ҳәм Түркиядан және 5 миллион долларлық үскенелер алып келиў режелестирилген. Оның нәтийжесинде және 550 жаңа жумыс орны жаратылады.

Экономикалық зонадағы және бир кәрхана – «Master Building Products» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жылына 3 миллион дана қубыр ҳәм фитинг өнимлери, қурылыс материаллары таярланады. 600 ге шамалас жумыс орны жаратылған. Мәмлекетимиз басшысы усы өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

«Global Optical Communication» Өзбекстан-Қубла Корея қоспа кәрханасы да көзден өткерилди. Бул жерле жылына 85 мың километрлик оптикалық талшықлы кабель өнимлери ислеп шығарылмақта. 115 адам мийнет етпекте.

Президентимиз кәрханаларда локализациялаў дәрежесин арттырып, импорттың орнын басыўшы ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

«Жиззақ» еркин экономикалық зонасында және 14 жойбар әмелге асырылмақта. Соннан 5 еўи усы жылы иске қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ қаласындағы Қазан  федераль университеттиң филиалында болды.

Бул университет Россиядағы ең ески ҳәм кең көлемли жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири. Оның Жиззақ филиалы өткен жылы жумыс баслады ҳәм ҳәзирги күнде 325 студент билим алмақта. Улыўма 1 мың 88 орынлық.

Бул жерде емлеў жумысы, стоматология, фармация, медицина биохимиясы, журналистика, экономика, геология, лингвистика, программалық инженериа, мәлимлеме системалары ҳәм технологиялары, технологиялық процесслер ҳәм өндиристи автоматластырыў сыяқлы 11 бағдарда қәниге таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы мәкеме ушын қосымша имарат ажыратып, қолайлықларды кеңейтиў бойынша көрсетпе берди.

Президент Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни Жиззақ ўәлаятында санаатты раўажландырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Ўәлаятта жаңа санаат кәрханаларын қурыў ушын кейинги алты жылда дерлик 5 миллиард доллар инвестиция тартылған. Оның нәтийжесинде 2 мыңға шамалас жаңа кәрханалар шөлкемлестирилип, өндирис көлеми дерлик 2 есеге артты.

Алдын ўәлаяттың санаат өними тийкарынан пахта талшығы болған болса, ҳәзирги күнде электротехника, оптикалық талшық, автомобиль, қурамалы химиялық элементлер, энерго үнемлеўши материаллар сыяқлы жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарылмақта. Бул тараўда 54 мың халық бәнт. Ўәлаяттағы санаат экспорты 1,8 есеге артып, 166 миллион долларға жетти.

Мәмлекетимиз басшысы бул пәтти даўам еттирип, усы жылы ўәлаят санаатын 14 процентке арттырыў имканиятының бар екенлигин атап өтти. Оның ушын 750 миллион долларлық 10 ири жойбар ҳәм 580 миллион долларлық 110 аймақлық санаат жойбарының орынланатуғыны атап өтилди. Оларда 7 мың 500 жаңа жумыс орынлары жаратылады. Сондай-ақ, келеси еки жылда Жиззақта автомобиль қурылысы ҳәм металлургия тараўларында ири жойбарлар иске қосылады.

Жиззақта ең тез өсип атырған санаат тармағы бул – қурылыс ҳәм энергия үнемлеўши материаллар ислеп шығарыў. Кейинги бес жылда бул тараўда 180 жаңа кәрхана шөлкемлестирилген, 900 миллион долларлық 210 жойбар иске қосылған. Оның есабынан қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлеми 10 есеге артып, импорт болып атырған 110 миллион долларлық өнимлер локализацияланды, экспорт болса 7 есеге көбейип, 35 миллион долларға жетти.

Ўәлаятта тек ғана базальт резерви 26 миллион тонна болып, республикамыздағы жәми резервтиң 25 процентин қурайды. Бирақ, олар алдын улыўма қолланылмаған. Ҳәзир болса, базальттан талап жоқары болған 7 түрли заманагөй өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул Фориш районында 6 кәрханадан ибарат бир пүтин кластерге айланды.


Соның менен бирге, Бахмал, Ғаллаорол, Шарап Рашидов, Зомин, Зарбдор, Зафаробод, Фориш ҳәм Янгиабадта базальт, цемент, керамзит, шийше ҳәм минерал шийки зат резервине бай 200 ге шамалас кәнлер бар. Президент оларға исбилерменлерди тартып, базарда өтимли өнимлер таярлаўды жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Быйыл қурылыс материаллары бойынша 460 миллион долларлық 31 жойбарды иске қосыў ўазыйпасы қойылды.


Мәжилисте энергетика тәмийнатын жақсылаў мәселесине де итибар қаратылды.

Жиззақ ўәлаятында кеминде 2 мың Мегаватт қайта тиклениўши энергия дәреклери ушын потенциал бар екенлиги атап өтилди. Буннан пайдаланып, 270 Мегаватт қуяш энергиясы қуўатлықларының иске қосылатуғыны айтылды. Оның есабынан 236 миллион киловатт саат ислеп шығарылып, жетиспеўшилик артығы менен қапланады, жәми 71 миллион куб метр газ үнемленеди.

Соның ишинде, Ғаллаоролда Бирлсекен Араб Әмирликлериниң «Масдар» компаниясының 200 миллион доллар тиккелей инвестициясы есабынан, 220 Мегаваттлы ири қуяш станциясы иске қосылады. Келеси жылы бул станция толық қуўатлылыққа шығып, 500 миллион киловатт саат электр алынады ҳәм ўәлаят талабының 20 процентин қаплайды.

Сондай-ақ, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың имаратларында 5 Мегаваттлы, Санаат зонасы ҳәм исбилерменлер имаратларында 15 Мегаваттлы қуяш панеллерин орнатыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Халық хожалықларына 8 Мегаваттлы қайта тиклениўши энергия дәреклерин орнатыў ушын тартымлы шараятлар жаратылады. Исбилерменлердиң өз мүтәжликлери ушын 5,10,15 Мегаваттлы қуяш станцияларын қурыў басламалары қоллап-қуўатланады.

Зафарабадта быйыл жәми 2 Мегаваттлы 2 киши ГЭС қурылады ҳәм быйыл 2,4 миллион киловатт саат электр ислеп шығарады. Азия раўажланыў банки менен бирге, Фориште 150 Мегаваттлы ири қуяш станциясының жойбары басланады. Бул станция толық қуўатлылыққа шыққанда, 370 миллион киловатт саат электр ислеп шығарады. Жиззақ қаласында ҳәм ыссылық, ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўшы когенерация орайы қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы Жиззақ электр тармақларындағы шығынлар көп екенин атап өтип, оны азайтыў, ўәлаятта 4 мыңнан аслам кәрхананың энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Ўәлаят жәмийетшилиги ўәкиллери, нураныйлар ҳәм жаслар менен сөйлести. Олар елимиздеги жаңаланыўлар, жаратылып атырған шараятлар нәтийжеси ҳаққында өзиниң турмысы ҳәм жумысындағы табыслар мысалында айтып берди. Мәмлекетимиз басшысы олардың пикир-усынысларын тыңлап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Мәжилис соңында және бир әҳмийетли ўақыя – 3 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болды. Олар – Фориш районындағы «Eco Basalt Group», Жиззақ санаат зонасындағы «Mono Electric» ҳәм «Super medical elements» ширкетлери болып есапланады.

Биринши кәрхана базальттан жылына 5 мың тонна композит қубырлар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады. «Mono Electric»да 1 мың 500 түрдеги электр техника өнимлери, «Super medical elements»де 40 түрдеги медициналық әсбап-үскенелер ислеп шығарылады. Усы кәрханалардың есабынан, 700 ден аслам халық жоқары дәраматлы турақлы жумыс орнына ийе болады.

Мәресимде видеобайланыс арқалы кәрханалар ўәкиллери менен пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, жаңа кәрханаларды иске қосты.

Усының менен Шавкат Мирзиёевтиң Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдужалол ҚАЮМОВ,
ӨзАның хабаршылары