Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы жақын қоңсышылық қарым-қатнасықларын және де беккемлеў мақсетинде Түркменстан Республикасы Президентиниң арнаўлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасына 52 вагонда 2000 тонна суйылттырылған газ жиберилди.
Елимиз Президентиниң арнаўлы тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасының алыс аймақларда жасаўшы, тәбийий газ тармағы жетип бармаған хожалықларды бийпул суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў мақсетинде 26 вагонда, 1000 тонна суйылтырылған газ ҳәм газ баллонлары жеткерилип берилди.
Соннан, Кегейли районы бойынша 108 дана суйылттырылған газ баллонлары район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм район прокуроры И.Абдуллаевлардың басшылығында Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Естек ҳәм Жети төле аўылларында жасаўшы, газ баллонларына мүтәжлиги бар болған пуқараларға бийпул тарқатылып берилди.
Сондай-ақ, Нөкис районына да 352 суйылттырылған газ балоны тарқатылыўы режелестирилген болып, районның еӊ шетки аймақларыныӊ бири есапланған Ақтерек мәкан пуқаралар жыйынындағы кем тәмийинленген хожалықларға жеткерип берилмекте.
Бундай жумыслар республикамыздың тәбийғый газ бенен тәмийинленбеген басқа да аўылларында даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы