«Депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Қ.Арықов өзи сайланған аймақ Сарайкөл МПЖ да үйме-үй жүрип, Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм тийисли қарарларының мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып барды.
Илаж даўамында депутат сайлаўшылардың мүрәжатларын да тыңлады. Олардың көпшилиги қыс мәўсиминде электр энергиясы қуўатлылығы ҳәм тәбийғый газ басымының төменлиги бойынша мәселелер болды.
– Бүгинги күнде бул аймақта 5600 ден аслам адам жасайды, соның 3 мыңнан асламы ҳаял-қызлардан ибарат,-дейди МПЖ баслығы К.Бекимбетов. – Мәҳәлледе кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәким жәрдемшиси, депутатлар, тийисли мәкемелер, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери менен биргеликте тийисли жумыслар алып барылмақта.
Депутат тийисли мәкемелердиң жуўапкер басшылары менен байланысып, аймақтағы машқалалардың сапластырылыўына жәрдем көрсетти.
Ҳәзирги ўақытта жойбар шеңберинде халық ўәкиллериниң үйме-үй жүрип үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги