Елликқала районы аймағында жасаўшы Алтынай Сағынбаева (аты өзгертилип алынды) өзи қыз бала бола тура бир неше мәрте  урлық ислеп, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен иркилген болса да, буннан тийисли жуўмақ шығармастан үйренген әдетин даўам еттире берген. Соңғы мәрте аўылласларының баҳалы затларын урлап баратырғанында иркилип, оның қарсысына жынаятли ис қозғатылды. Бул ис жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими «А» бәнти менен айыплы деп табылды.

Ол Елликқала районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң кепиллик хаты менен менен суд залынан азат етилип, келешекте ҳуқықбузарлыққа жол қоймаў, минез-қулқын жақсылаў мақсетинде оған жасап киятырған мәҳәлле пуқаралар жыйынының диний-ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси жуўапкер етип белгиленди.

Район ҳәкиминиң орынбасары, районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы оның менен тиккелей шуғылланыўға кепиллик берди.

-Бундай ғамқорлығы ушын районлық Ҳаял-қызлар комитети басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Алтынай Сағынбаева.-Келешекте буннан тийисли жуўмақ шығарып, өмирден өз орнымды табыўға ҳәрекет етемен.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында ҳаял-қызлар  арасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, биринши гезекте, ҳуқықбузарлыққа бейим болғанлар менен жеке тәртипте жумыс алып барыў және жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген ҳаял-қызлардың социаллық реабилитациясы ҳәм бейимлесиўи бойынша илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар және пуқаралық жәмийети институтлары менен тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеў Ҳаял-қызлар комитетлериниң тийкарғы жумыс бағдарынан бири етип белгиленген еди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги