Усы жыл 8-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелелердиң инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти.


Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев басқарып барды.


Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында  “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында барлық орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, оларға мүнəсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бунда биринши гезекте мектеплер, балалар бақшалары, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт объектлери, ишки жоллар, ишимлик суў, электр энергиясы, газ тәмийнаты ҳәм абаданластырыў менен байланыслы машқалаларға унамлы шешим табыўда барлық имканиятлар жаратылып берилмекте.



Нәтийжеде  “Меҳир ҳәрекети” тийкарында қала ҳәм районлардағы барлық 424 пуқаралар жыйынындағы 367 мыңнан аслам шаңарақ бирме-бир үйренип шығылды. Бул жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде қала ҳәм районларға жуўапкерлер бириктирилип, қыстың қыраўлы суўық күнлеринде аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер көрсетилди. Бул ийгиликли иске қала ҳәм районларға бириктирилген Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери мүнәсип үлеслерин қоспақта.





“Меҳир ҳәрекети” шеңберинде өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде аўыр турмыс шараятындағы 21 мың 94 шаңарақтың турақ жайларын шиферлаў, жасаў ушын жарамсыз, авариялық жағдайдағы 709 турақ жайды қайта қурып бериў керек екенлиги анықланған. Бул жумыслардың орынланыўын тәмийинлеўде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарар тийкарында 363,9 миллиард сум қаржы есабынан турақ жайларда қурылыс-оңлаў ҳәм республикамыздың қубла районларындағы 2000 километр топырақ жолларға ЩПС төсеў жумыслары алып барылыўы белгиленген.

Соннан, Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларындағы турақ жайлардың қурылыс-оңлаў жумысларына 112,3 миллиард сум мәмлекетлик бюджет параметрлеринде аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў қәрежетлери ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан, қалған қала ҳәм районлардағы турақ жайлардың қурылыс оңлаў жумысларына 231,6 миллиард сум Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәкимликлериниң жергиликли бюджет қаржылары есабынан, усы төрт районда 2000 километр ишки жолларға ЩПС төсеў жумыслары ушын 20 миллиард сум Министрлер Кабинетиниң резерв фонды есабынан ажыратылыўы белгиленген.


Мәжилис соңында атап өтилген тапсырмаларды орынлаў, ең баслысы, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги