Бүгинги күнде республикамыз аймағында халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атыр. Бул бағдардағы ийгиликли жумысларға ўәлаятлар да үлес қосып келмекте.

Усы жыл 8-февраль күни Ферғана ўәлаятының “Baxodir Log‘on Tekstil” кластеринен Тақыятас районының аўыр аймақлары есапланған Нурлы келешек, Қусшылық мәкан пуқаралар жыйынлары, Кенегес ҳәм “Әскерий қалаша” аўылларының социаллық турмыс шараятын жақсылаў ҳәм инфраструктурасын жаңалаў ушын қайырқомлық жәрдем есабында қурылыс ҳәм азық-аўқат өнимлери тийелген 45 жүк автомашинасы кәрўаны жетип келди.

Мийманлар районда салтанатлы жағдайда күтип алынды.



Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында райондағы аўыр аймақларды абаданластырыў ҳәм жәрдемге мүтәж пуқаралардың турақ жайларын оңлап бериў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў бойынша аймақ турғынлары ҳәм жуўапкерлердиң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.


Онда райондағы шараяты аўыр пуқаралар жыйынларының инфраструктурасын жақсылаў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылатуғынлығы, сондай-ақ, бундай ийгиликли басламаға ферғаналы пидайы исбилерменлер де салмақлы үлеслерин қосып, қайырқомлық жәрдемин көрсетип атырғанлығы атап өтилди.

Президентимиздиң 2021-жыл 18-сентябрьдеги “Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасының алты (Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл, Елликқала, Нөкис районы ҳәм Тақыятас) районында Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының 99,6 миллион АҚШ доллары қаржылары есабынан социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген.

Қарар тийкарында Тақыятас районындағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйыны, Тас аўыл,  Нурлы келешек ҳәм Дослық мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында кең көлемли жумыслар алып барылады. Атап айтқанда, ишки хожалық жолларын оңлаў, электр ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў, тармақлар ҳәм таяныш бағаналарын жаңалаў, трансформатор пунктлерин алмастырыў, балалар майданшаларын қурыў ҳәм басқа да халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша дәслепки жумыслар баслап жиберилди.

Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги