Мәмлекетимизде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларына раўажланған еллердиң стандартларын енгизиў, жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўда халықаралық тәжирийбелерди қолланыў, жергиликли жоқары оқыў орынларын билим сапасы жағынан халықаралық рейтинглерге мүнәсип дәрежеге көтериў бойынша Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында көплеген реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, бул мақсетлерге ерисиўде тарийхымыз тамырлас, тиллеримиз уқсас, динимиз бир – түркий еллер менен қарым-қатнасты жолға қойыў, олардың жоқары билимлендириў, илимий ҳәм инновациялық раўажланыў бағдарындағы тәжирийбелерин үйрениўге айрықша итибар берилмекте. Татарстан ҳәм Башқуртстан Республикалары Россия Федерациясының санаат ҳәм өндирис, заманагөй технологияларды ислеп шығарыў бойынша әдеўир раўажланған аймақларынан есапланады.

Татарстан Республикасы Өзбекстан ушын әҳмийетли тараўлар бойынша исенимли шерик болыў менен бир қатарда, татар халқы өзиниң келип шығыў тарийхы, тили, дини, мәденияты ҳәм көркем өнери жағынан да өзбек ҳәм қарақалпақ халықларына жүдә жақын халық десек қәтелеспеймиз. Бул ҳаққында Татарстан Республикасының Баслығы Рустам Минниханов өзиниң 2023-жыл 6-7-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапарынан кейин «Бир тилде сөйлескенде ис алып барыў жеңилирек!» деген еди. Ҳақыйқатында да, Татарстан басшысының Қарақалпақстан жерине сапары туўысқан халықлар арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлей алды. Бул сапардың нәтийжеси сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен «Татарстан Республикасы Баслығы Р. Миннихановтың Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша илажлар режеси» тастыйықланып, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары (IT), жоқары билимлендириў, илим, туризм, экономика, мийнет қатнасықлары сыяқлы бир неше тараўлар бойынша анық мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды. Усы Режеге тийкарында 2024-жылдың 30-апрель 4-май күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Байрам Өтемуратовтың басшылығында тийисли министрликлер ҳәм жоқары оқыў орынлары басшыларынан ибарат Қарақалпақстан Республикасы делегациясы Қазан қаласына хызмет сапары менен жол алдық.

Қарақалпақстан делегациясы Татарстан Республикасы пайтахты Қазан қаласында салтанатлы түрде күтип алынды. Сапар туўысқан татар хылқы менен мәдений ҳәм руўхый сәўбетлесиўден басланды десек болады. Себеби, Қазан мәмлекетлик мәденият институтының оқыў-тәрбия ислери бойынша проректоры Татьяна Леонтьева басшылығында Қазан қаласына жақын жердеги «Уллы Болгар» тарийхый қаласына мәдений сапар шөлкемлестирилди. Бул қала шама менен бизиң эрамыздың X әcиринде пайда болған болып, 2014-жылы ЮНЕСКО ның адамзаттың дүнья жүзилик мийраслары дизимине киргизилген. Тарийхта Уллы Жипек жолының әҳмийетли саўда орайы болған «Уллы Болгар» қаласы 25 тен аслам мәдений, тарийхый естеликлери, музейлери ҳәм мешитлери менен жылына 4 миллионға шамалас туристлерди өзине тартады екен.

Сапардың екинши күнинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының халықаралық шериги есапланған Қазан мәмлекетлик мәденият институтына бардық. 1969-жылы тийкары салынған бул жоқары оқыў орны тек Татарстан Республикасында емес, ал Россия Федерациясындағы ең алдыңғы мәденият ҳәм көркем өнер институтларының бири. Ҳәзирги ўақытта институтта 2100 ден аслам студент-жаслар 40 тан аслам мәденият ҳәм көркем өнер тәлим бағдарлары бойынша билим алады. Жоқары оқыў орнының оқыў-тәрбия ислери бойынша проректоры Т. Леонтьева бизге институтта студент-жасларға жаратылған имканиятлар менен таныстырыў барысында, институт тәрепинен ҳәзирги ўақытта мәденият ҳәм көркем өнерге инновациялық технологияларды енгизиўге баслы дыққат қаратылғанын айтып өтти. Ҳақыйқатында да, Қазан мәмлекетлик мәденият институтында студентлердиң усы бағдардағы стартап жойбарлары, инновациялық устаханалары, IT орайлары менен танысып, бизлердиң студентлерди де мәденият ҳәм көркем өнер тараўында инновацияларды, IT технологияларды қолланыў ушын оқытыў бойынша пикир алысық. Пикир алысыў еки институт басшылығының рәсмий ушырасыўында да даўам етти.

Ушырасыўға Қазан мәмлекетлик мәденият институты ректоры Роза Ахмадиева сырт ел сапарында болғанлығы себепли оқыў-тәрбия ислери бойынша проректоры Татьяна Леонтева, илимий ислер бойынша проректоры Резеда Гарифуллина, Қарақалпақстан Республикасы делегациясы баслығы Байрам Өтемуратов, Қазан қаласындағы Өзбекстан Республикасының Бас Консуллығы Бас хаткери Камал Давронов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры Аманжол Аяпов, Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы Бегис Султамуратовлар қатнасты. Дәслеп, Т. Леонтьева тәрепинен Қазан мәмлекетлик мәденият институты ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы арасында бирге ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған «Жол карта»ның бәнтлери додаланды. Еки тәреп бирге ислесиў бағдарлары бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерди академиялық алмасыў бағдарламасын жолға қойыў, илимий байланысларды беккемлеў, биргеликте илимий симпозиумлар, конференциялар өткериў, илимий ислерди ҳәм методологиялық материалларды рецензиялаў, студентлерди талап жоқары болған бағдарлар бойынша илимий-изертлеў жумысларына тартыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының әҳмийетли мәселелерин үйрениў бойынша биргеликтеги илимий изертлеў жумысларын алып барыў, илимий жойбарларды биргеликте ислеў, өз-ара илимий басшылықты жолға қойыў, студентлер ушын дөретиўшилик олимпиадалар ҳәм таңлаўларды шөлкемлестириў, биргеликте халықаралық жойбарларды ислеў, студентлер стартапы бойынша тәжирийбе алмасыў, профессор-оқытыўшыларды қысқа ҳәм узақ мүддетли тәжирийбе арттырыў ҳәм стажировка курсларында қайта таярлаў ҳәм оқытыў, студентлер ушын жазғы дөретиўшилик мектеплерин шөлкемлестириў, талап жоқары болған бакалавр тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринен Биргеликтеги тәлим бағдарламасын жолға қойыў сыяқлы бир неше әҳмийетли мәселелер бойынша келисип алынды.

Делегациямыз Татарстанға сапары даўамында дүнья жүзиниң «ТОП-500» лик рейтингинде туратуғын, жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў орайы есапланған – Қазан Федераль университети ректораты тәрепинен де салтанатлы жағдайда қабыл етилип, ушырасыўда Қазан Федераль университети проректоры Т.Алишов Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелери менен жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўлары бойынша бирге ислеўге таяр екенлигин билдирди.

Қарақалпақстан делегациясының кейинги мәнзили Башқуртстан Республикасының Уфа қаласы болып, 4-май күни Уфа қаласындағы «Евразия НОТС» мәжилислер залында Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары делегациясы қатнасыўында “Илим ҳәм билимлендириў тараўларында Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары бирге ислесиўи перспективалары” темасында дөгерек сәўбети болып өтти. Илажда Башқуртстан Республикасы Қурылтайы-Мәмлекетлик жыйыны Комитетиниң илим, билимлендириў, мәденият, жаслар сиясаты ҳәм спорт ислери бойынша Баслығы Хажин Айбулат қатнасты. Дөгерек сәўбетинде Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан Республикалары арасында билимлендириў ҳәм илимий изертлеў, спорт, жаслар сиясаты, мәденият, ислеп шығарыў тараўларында бирге ислесиў келешеги талқыланды ҳәм еки Республика Жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша анық мақсет ҳәм ўазыйпалар келисип алынды. Дөңгелек стол сәўбетинен кейин, Уфа қаласындағы нефть ҳәм газди қайта ислеў, спорт ҳәм денетәрбиясы жоқары билимлендириў мәкемелерине саяхат шөлкемлестирилди.

Улыўмаластырып айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы делегациясының түркий тиллес туўысқан Татарстан ҳәм Башқуртстан Республикаларына болған сапары жоқары дәрежедеги ҳүрмет, дослық ҳәм мәдений-руўхый алмасыўдың үлгиси бола алды. Сапар даўамында бирге ислесиўге тийкар болыўшы шәртнамалар ҳәм «Жол карта»ларға қол қойылып, жоқарыда сөз етилген барлық тараўлар бойынша перспективалы бирге ислесиўге тийкар жаратылды.

Ең әҳмийетлиси, Қарақалпақ халқының уллы шайыры И.Юсупов айтқанындай, сапар даўамында «Кеўил кеўиллерден суў ишип…», тарийхый дослық қатнасықлары жаңа заманға сай жаңарғаны сезилип турды…

 

Аманжол Аяпов

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

институты Нөкис филиалы директоры,

филология илимлериниң кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги