Президент Шавкат Мирзиёев 31-май күни Бухара ўәлаятына келди.
Сапар ийгиликли әмелден – Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасын зиярат етиўден басланды. Қуран аятлары оқылып, халқымызға тынышлық- абаданлық тилеп пәтия етилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен комплекс және де абат етилип, негизги тарийх тикленбекте. Зыярат ўақтында бул жумыслар көзден өткерилди..
Дәслеп, Тоқи миёна дәрўазасынан өтип барыўшы тарийхый жол тикленди. Енди зыяратшылар Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасына сүннетке муўапық қубла тәрептен жүрип барады.
Жүз жыл ўайран болып жатқан бул дәрўазаны тиклегенимиз – өзлигимизди аңлаў, тарийхқа ҳүрметимиз үлгиси,- деди Шавкат Мирзиёев. Енди бул жердеги ҳәр бир өтмиштен қалған естеликлерге, ханлардың қәбирлерине жазыўлар жазып қойыў керек. Зыяратқа келгенлер избе-изликте тарийхты үйренип, руўхый азық алып өтсин.
Тоқи миёна дәрўазасының еки қапталы бағқа айландырылған. Музей ҳәм тәҳәретхана қурылған. Жоғалып баратырған Дониёлбий медресеси тикленбекте.
Илимпазлар менен сәўбетте Баҳоуддин Нақшбанд мийрасын тереңнен үйрениў ҳаққында пикир алысты. Сырт мәмлекетлерден дәреклер алып келиў, илимий излениўлерди қоллап-қуўатлаў, музейди Имам Бухарий орайындағыдай мазмун жағынан байытыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, зыяратшылар, соның ишинде, сырт елли саяхатшылар ушын қолайлықларды кеңейтиў, қыс ҳәм жаз мәўсимине де шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Жуўапкерлерге соларды қамтып алған ҳалда, илимпазлардың усыныслары тийкарында қарар ислеп шығыў тапсырылды.
ӨзА