Қубла Корея тергеўшилери екинши урыныста президент Юн Сок Ёлды қамаққа алды, деп хабар бермекте ВВС.

12 күн бурын болғаны сыяқлы бул ретте де ҳүкиметтен шетлетилген президент резиденциясындағы көп саатлық қарама-қарсылықтан кейин, тергеўшилер оны Коррупцияны тергеў бюросына алып барды.

Юн сәл бурын видеомүрәжат етип, қамаққа алыныўы нызамсыз есапланатуғынын, бирақ қан төгилиўниң алдын алыў ушын тергеўшилер ҳәм полицияға бойсыныўға қарар еткенин айтқан.

2024-жыл декабрь айының басында Қубла Корея президентиниң елде әскерий жағдай жәриялаўға урыныўы сәтсизликке ушыраған, буннан соң парламент оны көтерилис шөлкемлестириўде айыплап, мәмлекет басшысына импичмент жәриялаған еди.

Юн Президентлик ўазыйпасын орынлаўдан 14-декабрьде (парламент импичментке даўыс бергеннен соң) шетлетилди, бирақ оны лаўазымынан алыў ушын импичментти Конституциялық суд та тастыйықлаўы шәрт. Судтың қарары шықпаса, Юн Сок Ёл рәсмий түрде президент болып қала береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги