14-январь күни АҚШ Ишки Қәўипсизлик министрлиги 37 Қытай компаниясын уйғырлардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланып атырған кәрханалардың дизимине қосқанын мәлим етти.
2021-жылы Қурама Штатлар уйғырлардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған өнимлерден пайдаланыўға шек қоятуғын нызамды қабыл еткен еди.
Бир қатар инсан ҳуқықлары шөлкемлерине қарағанда, Шинжон-Уйғыр автоном районында ҚХР орайлық уйымлары тийкарынан мусылманлардан ибарат жергиликли халық ўәкиллерин қуўдаламақта. Соннан берли АҚШ рәсмийлери Шинжонда мәжбүрий мийнеттен пайдаланған деп болжанып атырған Қытай компанияларының дизимин сақлап келмекте ҳәм бул компаниялардың өнимлерин АҚШқа алып кириўди қадаған еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги