Мәмлекетлик қарыз 2023-жыл даўамында 5,7 млрд долларға өсип, усы жылдың 1-январь жағдайына 34,9 млрд долларды қураған. Бул ҳаққында Spot баслымы Экономика ҳәм қаржы министрлиги есабатына сүйенип мәлим етпекте.
Өсиўдиң тийкарғы бөлеги мәмлекеттиң сыртқы қарызы үлесине туўра келип (29,64 млрд доллар), өткен жыл даўамында оған 3,73 млрд доллар қосылған. Ишки қарыз (5,29 млрд доллар) болса 1,97 млрд долларға көбейген.
Мәмлекеттиң сыртқы қарызы 29,6 млрд долларға тең болып, соннан дерлик 23,9 млрд доллары Өзбекстан ҳүкимети атынан, 5,7 млрд доллары болса мәмлекет кепиллиги тийкарында қаратылған.
Өз гезегинде, мәмлекеттиң ишки қарызы 5,9 млрд долларды қураған ҳалда, соннан 3,5 млрд доллары мәмлекет кепиллиги ҳәм ишки миннетлемелер үлесине туўра келеди, қалған бөлеги болса мәмлекет ғазнаханасының облигациялары есабынан жыйналған.
Жыл даўамында мәмлекет қарызының ЖИӨге салыстырғанда 36,4 проценттен 38,4 процентке көбейди (ХВҚ усыныс еткен дәреже 60 процент).
Сондай-ақ, мәмлекеттиң сыртқы қарызының тийкарғы кредиторы 6,6 млрд доллар менен Жәҳән банки болды. Оннан кейинги орынларда болса Азия раўажланыў банки (6,4 млрд доллар) ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (2 млрд доллар) турыпты.
Буннан тысқары мәмлекет Қытай Эксим банкинен 1,9 млрд доллар, Қытай Мәмлекетлик раўажланыў банкинен 1,4 млрд доллар, АИИБден 1,3 млрд доллар ҳәм Ислам раўажланыў банкинен 0,9 млрд доллар тартқан. Корея Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры ҳәм ХВҚдан тартылған қарыздың ҳәр бири 0,8 млрд долларды қурайды.
Кейинги орынларда Франция раўажланыў агентлиги (0,7 млрд доллар), Япония халықаралық бирге ислесиў банки (0,3 млрд доллар), ЕТРБ ҳәм Европа инвестиция банки (жәми 0,3 млрд доллар) турады. Және 3,4 млрд доллар Өзбекстан облигациялары ийелеринен келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги