Бүгин Нөкис қаласы аймағында жаңадан қурып питкерилген заманагөй Аквапарк орайының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа туристлик орынның ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Улыўма 0,6 гектар майданда шөлкемлестирилген бул орынның қурылысына 6 млрд. сум қаржы жумсалып, бир ўақыттың өзинде 600 адамға хызмет етиў мүмкиншилигине ийе.

Аквапаркте ықшам етип қурылған қара үйлер, балалар майданшалары, балалар ҳәм үлкен жастағылар ушын бассейнлер шөлкемлестирилген болып, халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Жойбар иске түсирилиўи менен 40 жаңа жумыс орынлары жаратылып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.
Бул елимизде соңғы жылларда ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыўға, халқымыздың мүнәсип дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратыўға, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығының және бир көриниси болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги