1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары даўам етпекте.
Пайтахтымыздағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам саўғалары тапсырылды.
Президентимиздиң аталарша ғамқорлығы астында мәмлекетимизде балалардың ҳуқықларын қорғаў, олардың оқып билим алыўы ҳәм барлық имканиятлар жаратылған мектепке шекемги билимлендириў орынларында тәрбияланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылған.
Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги