Мәмлекетимизде ЖООныӊ күндизги бағдарында қанша студент билим алады?

254

Жоқары оқыў орынларыныӊ күндизги билимлендириў бағдарында оқып атырған студентлер саны

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2023-2024-оқыў жылы басында Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ күндизги билимлендириў бағдарында билим алып атырған студентлер саны 661,8 мыӊды қураған.

Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ күндизги билимлендириў бағдарында оқып атырған студентлер саны жыллар кесиминде төмендегише (есабат жылында):

2020-2021-оқыў жылы басына 441,8 мыӊ;

2021-2022-оқыў жылы басына 553,9 мыӊ;

2022-2023-оқыў жылы басына 622,6 мыӊ;

2023-2024-оқыў жылы басына 661,8 мыӊды қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги