Ташкент қаласында усы жыл 26-27-март күнлери елимиздиң басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференциясы өткерилди.

  Өзбекстан менен Аўғанстан арасындағы қатнасықлар узақ тарийхқа ийе. Бүгинги бирге ислесиў жоқары руўхта даўам етпекте. Бул, бәринен бурын, Өзбекстанның Аўғанстан машқаласын шешиў бағдарындағы басламаларында, усы елде көплеген экономикалық жойбарларды әмелге асырып атырғанында көзге тасланбақта.

Өзбекстан Президенти регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликти тәмийинлеўде қоңсы Аўғанстанда тынышлық орнатыўдың стратегиялық әҳмийетин инабатқа алып, дүнья жәмийетшилигиниң  итибарын аўған машқаласын шешиў зәрүрлигине қаратып атыр. Атап айтқанда, Шавкат Мирзиёев  2017-жылдың  сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзине, ноябрь айында Самарқандта болып өткен «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияда атап өткениндей, «Аўғанстанда тынышлыққа ерисиўдиң бирден-бир жолы  – орайлық ҳүкимет ҳәм ел ишиндеги тийкарғы сиясий күшлер арасында алдын-ала ҳеш қандай шәрт қоймастан, тиккелей сөйлесиў алып барыў болып есапланады».

Еки мәмлекет басшылары 2017-жыл 7-июньде Астана қаласында болып өткен ШБШ саммити ҳәм  10-сентябрьде Ислам халықаралық шөлкеминиң илим ҳәм технологиялар бойынша әнжуманы шеңберинде ушырасыўлар өткерди. 2017-жыл 4-6-декабрь күнлери Аўғанстан Президентиниң елимизге рәсмий сапары еки мәмлекет қатнасықларында жаңа бетти ашты. Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларға тийисли бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды. 2017-жылы Өзбекстан менен Аўғанстан арасында өз-ара товар алмасыў көлеми 39,6 процентке өсип, 599 миллион АҚШ долларын қурады.

Усы жыл 19-январь күни БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан мәселелерине арналған мәжилиси болып өтти. Онда қатнасқан Өзбекстан ўәкиллери 2018-жыл март айында Ташкентте Аўғанстан бойынша халықаралық конференция өткерилетуғынын билдирди. Усы әнжуманда БМШ тың Бас хаткери, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша жоқары ўәкили, сондай-ақ, АҚШ, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, Түркия, Сауд Арабстаны ҳәм Орайлық Азия еллериниң сыртқы ислер министрлериниң қатнасыўы күтилмекте.

Өзбекстан  бәрқулла қоңсы елде тынышлық ҳәм татыўлық ҳүким сүриўине тилеклес болып, дос аўған халқына жәрдем қолын созып келген. Бул жерде өзбекстанлы қәнигелер тәрепинен Термиз-Ҳайратон-Мозори Шариф темир жолы қурылып, пайдаланыўға тапсырылғанын атап өтиў керек. Жақында Мозори Шариф – Хирот темир жолын ҳәм Сурхан – Пули Хумри электр узатыў линиясын қурыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы Аўғанстан экономикасының раўажланыўына хызмет етеди.

Өзбекстан жеткерип берип атырған энергиясы себепли Қабулда күни-түни шырақ өшпей атырғанын да айрықша атап өтиў керек.

Термиз қаласындағы қәнигелескен емлеўханада Аўғанстан пуқараларына медициналық хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылды.

Аўғанстанлылар ушын өзбек тилин үйретиў, темир жол ҳәм басқа да тараўлардың қәнигелерин таярлаў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаятында арнаўлы билимлендириў орайы шөлкемлестирилди. Усы жылдың 21-январь күни 100 ге шамалас аўғанстанлы жаслар Термиз халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алынды. Олар усы орайда еки жыл даўамында өзбек тили ҳәм әдебият бағдарында билим алады.

Бир сөз бенен айтқанда, өзбек ҳәм аўған халықларын жақын қоңсышылық ҳәм әзелий дослық байланыслары өз-ара байланыстырып турады. Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлықты ҳәм абаданлықты орнатыў, бул ел менен өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери тек қоңсы мәмлекет емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.

Шарофиддин ТЎЛАГАНОВ,

сиясий шолыўшы

ӨзА