Өзбекстан ҳәм Карақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги “Quramax Medical” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған дәри-дармақ қуралларын, республика бойлап дәриханаларда сатылыўын қадағалаўға алды.
Ҳүрметли пуқаралар! Дәриханалардан дәри қуралларын сатып алып атырған ўақытта оның қайсы компанияда ислеп шығарылғанына итибар бериўиңизди соранамыз.
Егерде дәриханалар “Quramax Medical” компаниясының дәри қуралларын сатып атырғанына гүўа болсаңыз, сол ўақыттың өзинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң исеним телефонларына ямаса телеграм бот каналына толық мағлыўмат қалдырыўыңызды соранамыз.
Егерде өзбасымшалық пенен дәриханаларда “Quramax Medical” компаниясының дәрилери сатылып атырғанлығы анықланса, дәрихана ийеси ҳәм сатыўшы тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылатуғынлығын ескертип өтемиз.
Қарақалпақстан Республикасында қала ҳәм бәрше район медицина бирлеспелерине “Quramax Medical” дәри өнимлери бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар ҳәм көрсетпе хатлары берилген.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бул жағдайлар бойынша қадағалаў орнатылған болып, тийисли тәртипте жумыслар әмелге асырылмақта.
☎️ Исеним телефон: +998612260048
🤖 Телеграм бот:
@qrdssm1_bot
Қарақалпақстан хабар агентлиги