2019-жылы Президентимиздиң басламасы тийкарында қайта шөлкемлестирилген Бозатаў районында соңғы ўақытлары көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Кең гүзар көшелер асфальтланып, оның бойларында көркем ҳәм зәўлим имаратлар бой тиклемекте.
Аймақта жаңа кәрханалар жумыс баслап, оларда жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленбекте.
Жаңа 2023-жыл Бозатаў районы турғынлары ушын үлкен жаңалық пенен басланбақта. Атап айтатуғын болсақ, район орайынан улыўма сметалық баҳасы 6 млрд 400 млн сумлық бес қабатлы ҳәр бири 20 квартиралы еки турақ жай өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Бул турақ жайларды тапсырыў мәресимде район ҳәкими К. Алланиязов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Баҳаўатдиновлер шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл байрамы ҳәм таза имараттың ашылыўы менен қутлықлады. Соңынан турақ жай алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары квартираларда жасаў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
-Мен бир балам менен ижарада жасайтуғын едим,-дейди бизге жаңа квартира ийеси Зульфия Исакова.-Жайымыздың басланғыш төлеми мәмлекет тәрепинен субсидия тийкарында төлеп берилди. Қалған төлемди болса, 20 жыл ишинде төлейтуғын болдық. Бундай ғамқорлық ушын елимиз басшыларына,турақ жайды сапалы етип питкерген қурылысшыларға шексиз миннетдаршылық билдиремен.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, бул еки көп қабатлы турақ жай 2-санлы Нөкис қалалық қурылыс басқармасының қолы гүл қурылысшылары тәрепинен қурып питкерилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы