Қанлыкөл районындағы Бескөпир аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамы талапларының орынланыўы бойынша әмелий семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатынан келип шығатуғын анық ўазыйпалар, сондай-ақ, 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.




Атап өтилгениндей, соңғы жылларда барлық мәселелерде «мәҳәлле кесиминде» ислесиў принципи тийкарында жумыслар әмелге асырылмақта. Бунда пуқаралардың мүрәжатлары, жаслар, ҳаял-қызлар менен ислесиўде, сондай-ақ, келеси жылға режелерди белгилеп, халыққа жеткериўде атқарыў ҳәкимияты ўәкиллериниң тығыз бирге ислесиўи әҳмийетли болмақта.

Әмелий семинарда Бескөпир мәҳәллесиниң баслығы М.Бекмуратов, ҳаял-қызлар белсендиси А.Көптилеўова ҳәм 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры А.Әбдимуратовлар жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында есабат берди.

Аймақта жыл даўамында жумыссыз пуқараларға Сырдарья ўәлаяты Сайхунабад районының қәўендерлигинде 10 дана тигиў машинасы, 9 бас қарамал, 2 ыссыхана, бир-бирден инкубатор, мотокультиватор, сваркалаў аппараты алып берилген болса, ҳаял-қызлар белсендисиниң усынысы менен 30 ҳаял-қызға электропечь, 58 ҳаял-қызға өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте жеңиллетилген кредитлер алыныўына жәрдем көрсетилген.

Берилген мағлыўматлар бойынша пуқаралар ўәкиллери тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, семинарға қатнасыўшы аймақтағы пуқаралар жыйынларының баслықлары өз аймақларында да есабат мәжилислерин өткериўди режелестирип алды.

Сондай-ақ, жыйналыста Қаржы министрлигиниң Қадағалаў-ревизиялаў басқармасының баслығы Б.Утамбетов Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Мәҳәлле бюджети»н қәлиплестириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында жыйналғанларға анық мысаллар менен кең түрде түсиниклер берилди.

Әмелий семинарда барлық пуқаралар жыйынларында есабат өткерилиўи, унамлы жумыслардың кеңнен ен жайдырылыўы, нызам талапларының орынланыўының қадағалаўға алыныўы келисип алынды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги