Шымбай районының «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынында 75 орынға ҳәм «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында 90 орынға мөлшерленген жаңа мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери пайдаланыўға тапсырылды.
– Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде барлық шараятлар жаратылған, -дейди Шымбай районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Гүлпаршын Айтмуратова. – Ең шетки аўылларымызда да заман талабына толық жуўап бере алатуғын мектепке шекемги шөлкемлердиң қурылып атырғаны тәлим-тәрбияның сапасына қаратылып атырған итибар болып табылады.
Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жылытыў, таза ишимлик суўы, электр энергиясы менен тәмийинленген. Барлық ханалар заманагөй инвентарьлар менен үскенеленген. Балаларға мөлшерленген ертек китаплары менен толтырылған шкафлар ханаларды безеп тур. Қәўипсиз ҳәм жумсақ ойыншықлар болса балалар ушын үлкен қуўаныш бағышламақта.
2017-жылға шекем Шымбай районында балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 25 процентке де жетпеген болса, бүгинги күнге келип, бул көрсеткиш дерлик 70 процентке жетти. Жаңа Өзбекстанда Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде тек район орайларында емес, ал, ең шетки ҳәм алыс аўылларда да заманагөй бақшалар қурылмақта.
Районда 91 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бар. Олардан 30ы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 7 еўи мәмлекетлик жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилген. 54 и шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып табылады.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы