Шоманай районында соңғы жыллары аўыл ҳәм мәҳәллелер абаданласып, аймақ халқы турмысында унамлы өзгерислер жүз бермекте.

2023-жылдың елимизге кирип келиўи мүнәсибети менен район ҳәкимлиги алдындағы майданда байрамға арналған сахналастырылған кеше болып өтти.

Оған райондағы кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм балалар қатнасты. Кешеде Шоманай районы ҳәкими Б. Янгибаев барлық аймақ халқын жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға «Президент саўғасы»н тапсырды.

Сондай-ақ, байрам кешесинде кем тәмийинленген, көп балалы шаңарақ балаларына да район ҳәкимлиги ҳәм сектор басшылары тәрепинен таярланған саўғалары берилди.



Кеше байрамға арналған концерт бағдарламасы менен көтериңки кейпиятта даўам етти.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы