Усы жылдың 30-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, жақында Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында жуўмақланып атырған жылда әмелге асырылған жумыслар талқыланып, келеси жылы елимизди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли алты бағдар бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Әлбетте, бул белгиленген ўазыйпалар ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиўде, жаңа Өзбекстанды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыўда, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўда,
экология, әсиресе, суў мәселелери бойынша жүзеге келип атырған машқалаларды унамлы шешиўде, еркин базар механизмлерин енгизиўде ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда, жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Сондай-ақ, келеси жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилиўи – бул “Инсан қәдирин улығлаў” деген принцип әмелге асырылып атырған быйылғы жылдың даўамы сыпатында қаралыўына тийкар болады. Соның менен бирге, Президентимиздиң «Қарақалпақстанның табысы – пүткил Өзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшўиши – пүткил Өзбекстанның тәшўиши» -деп айтқан сөзлери халқымызға болған шексиз ҳүрмет ҳәм исенимниң және бир көриниси екенлиги айрықша атап өтилди.



Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш. Өтемисов баянат жасады. Нызам жойбары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баслығы А.Бекмуратов шығып сөйлеп, өз пикирин билдирди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Кейинги мәселе, яғный Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З. Реймова баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.





Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасының 2023-жылғы Бюджети ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министри М. Содиқов баянат жасады. Сондай-ақ, мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасында бюджет дәраматларына белгиленген болжаў көрсеткишлериниң орынланыўы ҳәм қосымша дәреклерди анықлаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, салық ҳәкимшилиги ҳәм тараўда интерактив хызметлерди буннан былай да жетилистириў бойынша мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.






Күн тәртибинде халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң сапасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги Пәрманы менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепция”сының орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының есабаты туўралы мәселелер қарап шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының орынбасары Р.Раджаповтың есабатлары тыңланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.



Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы туўралы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы М.Алламбергенов баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Сессияның күн тәртибинде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.






Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги