Ҳәммемизге белгили, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәжирийбе-сынақ түринде баслаўыш класс (1-4-класс) оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасы енгизилди.
Бул аймақларда тәжирийбе-сынақ түринде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў ушын «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызамға муўапық Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятлары жергиликли бюджетлерге 100 миллиард сумнан жәми 200 миллиард сум қаржы ажыратылды. Мәмлекетлик бағдарламада бул әмелиятты 2022-жыл 1-апрельден енгизиў белгиленген болса, оннан да алдын, яғный 2022-жылдың февралынан баслап жолға қойылды.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықтың саламатлығын беккемлеў бағдарындағы реформаларды турмысқа енгизиў бойынша парламент комиссиясы ҳәм Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мәселелери комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халық билимлендириў системасындағы улыўма билимлендириў мектеплеринде оқыўшылардың саламат аўқатланыўы ушын ажратылған шараятлар, сондай-ақ, 1-4-класс оқыўшыларының бийпул аўқат пенен тәмийинлениў жағдайы қадағалаў-таллаў тәртибинде үйренилди.
Үйрениўлер процесинде улыўма билимлендириў мектеплериниң баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бағдарындағы жумыслар – азық-аўқат өнимлериниң сатып алыныўы, жеткерип берилиўи, сақланыўы, оқыўшыларды аўқатландырыў жағдайы, оқыўшылардың саламат аўқатланыўы ушын асханалар ҳәм буфетлер шөлкемлестиргени ҳәм олардан пайдаланыў жағдайына итибар қаратылды.
Бул үйрениў жуўмақларына бағышланған илажда парламент төменги палатасының Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў мәселелери комитети баслығының орынбасары Мақсуда Ворисова анықланған жағдайларға тоқтап өтти:
– Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети менен келискен ҳалда «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты улыўма билимлендириў мектеплериндеги 7-11 жасар оқыўшылар ушын азанғы аўқатланыўға мөлшерленген 5 күнлик меню» тастыйықланып, барлық улыўма билимлендириў мектеплерине жеткерилген.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы билимлендириў мектеплериниң асханалары хатлаўдан өткерилип, оның нәтийжелерине бола, асхана ҳәм буфетлерде жергиликли бюджет қаржылары есабынан оңлаў ҳәм үскенелеў илажлары көрилмекте. Улыўма билимлендириў мектеплеринде саламат аўқатландырыў системасын турақлы қадағалаў бойынша жуўапкер хызметкерлер бириктирилген. Қарақалпақстан Республикасындағы 716 улыўма билимлендириў мектеби географиялық жайласыўын есапқа алған ҳалда аймақларда кесиминде 64 лотқа, Хорезм ўәлаятындағы 542 мектеп 34 лотқа жайластырылып, тендер таңлаўлары тийкарында жеңимпаз деп табылған кейтеринг шөлкемлери тәрепинен мектеплерге ҳәр күнлик азық-аўқат жеткерип берилмекте.
Кеңейтилген мәжилисте шығып сөйлеген депутатлар баслаўыш класс оқыўшыларын мәмлекетлик қаржылар есабынан бийпул, саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў менен байланыслы бир қатар пикир-усынысларын билдирди.
Атап айтқанда, бул процессти шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў механизмлерин әпиўайыластырыў, менюди қәнигелер менен биргеликте қайта көрип шығыў, улыўма билимлендириў мектеплериндеги асханалардан толық пайдаланыў ушын шараятлар жаратыў, шараяты жоқ мектеплерде асханаларды қурыў жумысларына итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў зәрүр екенлиги айтылды.
М.Комилова,
ӨзА