Усы жылдың 29-декабрь күни Бердақ атындағы мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жетим ҳәм ата-аналарының қарамағынан айрылған балаларға Президент саўғасы тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.  Шырайлы етип безелген шырша әтирапында Қар баба ҳәм Қар қызы, ертек қаҳарманларының қатнасында театрластырылған байрам тамашалары даўамында 64 балаға  Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаӯы, 14 түрдеги мазалы кондитер өнимлери, 3 түрдеги оқыӯ қуралы, электрон китап, термос ҳәм шахмат тахтасынан ибарат Президент саўғасы тапсырылды.

Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы қосықлар, театр жәмәәтлериниң атқарыўындағы сахналық көринислер балаларға айрықша заўық бағышлады. Быйыл республикамыздан шаңарақлық балалар үйинен, ата-анасының қарамағынан айрылған, Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм  социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардан 536 балаға Президент саўғасы тапсырылмақта.









Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев усы күни Нөкис қаласындағы шаңарақлық балалар үйлеринде болып, Президент саўғасын тапсырды.

Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги