Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы аўыр турмыс шараятында жасап атырған, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм басқада социаллық қорғаўға мүтəж 31 шаңараққа турақ жай имаратының гилтлерин тапсырды.
Нөкис қаласы А.Утепов көшесиндеги көп қабатлы турақ жайдыӊ бүгинги күнде екинши қабаты пуқаралар жасаўы ушын қолайластырылып, қурылыс жумыслары алып барылды. Байрам алдынан жаңа турақ жайдың тапсырылыўы аўыр турмыс машақатларын жеңип өтип, өмирдиң сынаўлы ғалма-ғалы менен жасап атырған қала турғынлары ушын үлкен қуўаныш болды.
Сондай-ақ, усы көп қабатлы турақ жайдыӊ биринши қабатын да социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаўы ушын қолайластырыў бойынша жумыслар жуўмақланыў алдында тур.
Қарақалпақстан хабар агентлиги