Нөкистеги 10-санлы «Нурлы мәкан» қәнигелестирилген мектеп-интернатында 283 бала тәлим-тәрбия алмақта. Бул дәргайды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги өз аталығына алған болып, министр ҳәм оның орынбасарлары, қала ҳәм районлық ишки ислер бөлиминиң баслықлары турақлы түрде оқыўшылардың ҳал-жағдайынан хабар алып турады.

Жаңа жыл байрамы алдынан «Нурлы мәкан» мектеп-интернаты оқыўшылары ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Байрамда балалар қарбаба ҳәм қар қызы менен қосықлар, тақмақлар айтып, аяқ ойынға түсти.



Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары подполковник Ғ.Эшимбетов балаларды байрам менен қутлықлап, мектеп-интернатының оқыўшыларына «Кўнгил кўзи» жойбары шеңберинде жетип келген саўғаларды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен таярланған жаңа жыл саўғаларын тапсырды. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен «Кўнгил кўзи» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген «Саўғалар кәрўаны» қайырқомлық акциясының саўғалары, әсиресе, брайль оқыў қураллары топламы балалар ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды. Министрлик тәрепинен мектеп-интернатқа телевизор, спорт пенен шуғылланыўға арналған велотренажёрлар, жуўырыў ҳәм шынығыў ислеў ушын ҳәр қыйлы заманагөй техникалар, фитнес ҳәм де волейбол топлары тапсырылды.

Ишки ислер министрлигиниң «Арал жулдызлары» ансамбли ағзалары ҳәм 10-санлы «Нурлы мәкан» қәнигелестирилген мектеп-интернатының оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы, сахналық көринислер қойылып, байрам дәстүрханы жайылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги