Пиротехникалық буйымлардың нызамсыз айланысы менен шуғылланған шахсқа тийисли жаза тайынланды.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы Ш.Шамамбетовтың басшылығында С.Б. исмли шахсқа қарсы топланған материаллар суд мәжилисинде көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1851-статьясында (пиротехникалық буйымлардың нызамсыз айланысы) нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегени ушын оған тийисли жаза тайынланып, пиротехникалық буйымлары конфискация етилди.

Мағлыўмат ушын, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1851-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегени ушын нызамда бундай буйымлар конфискация етилиўи менен бирге базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 20 есесине шекем жәрийма тайынлаўға себеп болады, яғный, 1 миллион 500 мың сумнан 6 миллион сумға шекемги муғдарда жәрийма салынады.

Перзентлеримизди бундай жаман иллетлерден қорғап, ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алдын алайық.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги