Республикамызда жәрияланған «Меҳир ҳәрекети» илажы Қанлыкөл районында да даўам етпекте. Усы райондағы еӊ ири санаат кәрханаларының бири болған «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен де саўаплы ислер әмелге асырылды.
Атап айтатуғын болсақ, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде кәрханада ислеўши ҳәм қәўендерликке алынған кем тәмийинленген, көп балалы пуқараларға жәми 18 тоннадан аслам ун өнимлерин тарқатыў нәзерде тутылып, жаңа жыл байрамы алдында бул унлар өз ийелерине тапсырылды.
Байрам мүнәсибети менен өткерилген мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты, «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бас директоры Қ.Ешмуратов жәмәәт пенен ушырасып, оларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм саўғаларды өз ийелерине тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы