Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев «Арал» командасының футболшылары ҳәм олардың тренерлери менен ушырасып, Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Илажда елимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде спортты, соның ишинде миллионлар ойыны есапланған футболды раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Жоқарғы Кеңестиң Баслығы футболшыларды быйылғы жылғы әжайып ойынлары, соның менен бирге, Про-лигаға жоллама алғанлығы менен қутлықлады. Келеси жылғы мәўсимде де жақсы ойынлар көрсетип, жанкүйерлердиң кеўлинен шығыўларына тилеклеслик билдирди.
-Республикамыз басшыларының бизге көрсетип атырған итибарынан миннетдармыз,-дейди «Арал» профессионал футбол клубының бас тренери Нағметулла Қутыбаев.-Келеси жылы бул исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз.
Жаңа жыл саўғасы сыпатында командаға микроавтобусдың гилти тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги