Усы жыл 29-декабрь күни Шымбай районы Қостерек аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды Жаңа жыл байрамы  ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Илажда бүгинги қунде елимизде билимлендириў, соның ишинде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар ҳәм шараятларға атап өтилди.

Қатнасыўшылар жаңа бақшада жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм тәрбияланыўшыларға Жаңа жыл байрамы саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев усы күни райондағы «Мүриўбет»  майыплығы болған ер адамлар ушын арналған интернат үйинде де болды. Бул жерде жасап атырған қариялар, жасы үлкен нуранийлардың ҳалынан хабар алып, байрам менен қутлықлады ҳәм саўғалар тапсырды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги