Тахтакөпир районындағы Мәденият орайы алдында жаңа жылға арналған «Президент шыршасы» байрам кешеси болып өтти.
Байрамда район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Матмуратов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Буннан соң район аймағында жасаўшы ата-аналарының қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларға «Президент саўға»сын тапсырылды.
Байрам кешеси Тахтакөпир районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм райондағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен кеўилли түрде даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы