Президент Шавкат Мирзиёев 29-декабрь күни Халықаралық конгресс орайында «Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстан раўажланыўының бирден-бир дурыс жолы’» темасындағы заманагөй сабақлықлар көргизбеси менен танысты.

Раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, тәлим-тәрбия, деген еди Шавкат Мирзиёев. Соның ушын бул тараўдың барлық басқышлары түп-тийкарынан реформаланып, комплексли раўажландырылмақта. Мәмлекетимиздиң Раўажланыў стратегиясындағы төртинши тийкарғы бағдар мине, усы билимлендириў тараўын, инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған. Оған сәйкес түрде 2023-жылға – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы, деп ат берилди.

Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, балаларды оқыўға қызықтырыўдың әҳмийетли факторы, биринши гезекте, жақсы сабақлық. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 29-апрельдеги пәрманы менен тастыйықланған Халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында оқытыў методикасын жетилистириў ўазыйпалары белгиленген еди. Соған муўапық, өткен үш жыл даўамында сабақлықларды жаңалаў бойынша жумыс алып барылды. Арнаўлы жумысшы топар тәрепинен алдыңғы сырт ел методикасы тийкарында 1-4-класс китаплары жаңадан таярланды.



Көргизбеде мәмлекетимиз басшысына бул сабақлықлардың мазмуны ҳаққында мағлыўмат берилди. Олар XXI әсир адамы ушын ең зәрүр болған «4К» көнликпеси бойынша ислеп шығылған (критикалық пикирлеў, креативлик, коллаборация, коммуникация). Яғный, бул оқыўшыларда сын көзқарастан пикирлеў, дөретиўшилик қатнас, жәмәәтте ислесиў ҳәм қарым-қатнас көнликпелерин қәлиплестиреди.

Жаңа сабақлықларды таярлаўда PISA, PIRLS, TIMSS, EGMA, EGRA сыяқлы халықаралық бағдарламалардағы үлги ўазыйпалар тийкар етип алынған. Сабақлық пенен бирге шынығыў дәптерлери, муғаллимлер ушын методикалық қолланбалар да басып шығарылған. Сондай-ақ, бул системаға Estudy электрон билимлендириў платформасы интеграцияланған. Оннан сабақ ўақтында да, бос ўақытта да пайдаланыў мүмкин.

Итибарлы тәрепи, усыныс етилген сабақлықлардың бир бөлими, атап айтқанда, сүўретлеў көркем өнери, өзбек тили ҳәм музыкалық саўатлылық бойынша китаплар кеңейтилген реаллық технологияларынан пайдаланылған ҳалда ислеп шығылған. Бул оқыўшыларды илимге және де көбирек қызықтырыў ҳәм ҳәзирги жас өспиримлер турмысында әҳмийетли болған гаджетлерди пайдалы қуралға айландырыў мақсетинде ислеп шығылған. Кеңейтилген реаллық қосымшасы 1 мәрте жүклеп алынады ҳәм офлайн режиминде ислейди.

Президент жаңа сабақлықлар менен танысып, олардың мазмуны бойынша усыныслар берди.

– Дүнья педагогларының тәжирийбесинен пайдаланған жақсы. Соның менен бирге, сабақлықларда миллий идея, ата-бабаларымыздың мийрасы да болыўы керек. Мәселен, жадид бабаларымыз билимлендириў бойынша қанша жумыслар ислегеню Жақында Элбек устазды оқыдым. «Қыз баланы оқытқан мәмлекет пүткил жәмийетти оқытқан болады» деп жазған екен. Бизиң сабақлықларымызда бундай гәплер жоқ. Не демекшимен? Жаңа сабақлықларды сондай жетик таярлаў керек, кейин ала оған және қайтпайық. Ҳәзирги күнги билимлендириў кырқ жылдан кейин биз туўралы сөйлейди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сабақлықларды әмелде қолланыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Бул жаңа сабақлықлар халықаралық экспертизадан өткерилип, пайтахтымыздағы 134 мектепте сынап көрилди. Дәслепки нәтийжелерге бола, олар тийкарында оқытылған оқыўшылардың өзлестириў дәрежеси 88 процентти қурады. Әмелдеги бағдарлама бойынша болса бул тек ғана 67 процент. Көргизбеде усы сабақлық сынақтан өткерилген баслаўыш класс сабағы көрсетилди. Бул мектепте инклюзив билимлендириў системасы тийкарында айрықша мүтәжлиги бар оқыўшылар ушын да барлық балалар менен бирге сабақ алмақта.

Мәмлекетимиз басшысы муғаллим ҳәм балалар менен сәўбетлести.

Президентимиз билимлендириў көргизбеси шеңберинде бир топар мектеп муғаллимлери менен ушырасты.

Шавкат Мирзиёев президентлик жумысының дәслепки күнлеринен-ақ елимиздеги машқалалардан бири сыпатында кадрлар мәселесин көрсеткен еди. Кейинги жыллары қайсы тараўда реформалар, үлкен жойбарлар болмасын, әлбетте, оған сәйкес қәнигелер таярлаў да күн тәртибине шығады.

– Ҳәмме ҳәрекетлеримиздиң астында билимлендириў бар. Қайсы аймаққа барсам, жаслар менен, үлкен-үлкен кәрханалардағы жумысшылар менен сөйлесемен. Олардан «Сизди не қыйнайды» деп сорасам, билим жетиспейтуғынлығын айтады. Раўажланған мәмлекетлер ҳәзирги экономикасына қалай ерискен? Билим есабынан! Соның ушын бәринен бурын билимлендириўди жақсылаўға ҳәрекет етип атырмыз. 2023-жылға – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы, деп атама бердик. Енди мектеплеримизге пүткиллей жаңа орталық ҳәм сапа кирип келиўи керек,-деди Президент.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимизде социаллық мәмлекет қурылмақта. Кейинги жыллары жүзлеген мектеплер қурылды. 500 мың оқыўшы ушын қосымша орынлар жаратылды. 7 мыңнан аслам заманагөй компьютер ханалары шөлкемлестирилди.

Шараят пенен бирге билимлендириўдиң мазмунын, методологияны өзгертиў илажлары көрилмекте. Биринши басқышта баслаўыш класс сабақлықлары жаңаланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслар мектеп билимлендириўи бойынша улыўмалық стратегияның бир бөлеги екенин, сапа ҳәм нәтийжелилик көп тәреплеме муғаллимге байланыслы екенлигин атап өтти.

– Мен не ушын муғаллимниң жәмийеттеги абырайы ҳәм статусын арттырыў керек, деп көп айтаман, – деди Шавкат Мирзиёев. – Себеби балаларымыз қәлбиниң ҳақыйқый архитекторы, инженери муғаллимлер болып табылады. Соның ушын педагогларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў бәрқулла дыққат орайында болады. Оларды сабақтан басқа жумысларға тартыў – бул мәмлекетке, келешекке қыянет, деп баҳаланыўы керек. Муғаллимге ҳүрметсизлик – бул халқымызға, жәмийетимизге ҳүрметсизлик.

Президент Конституция ҳәм нызамларда муғаллимниң дәрежесин, ҳуқықлары менен мәплерин анық белгилеў зәрүр екенлигин және бир мәрте атап өтти.

– Сондай жәмийет қурыўымыз керек, муғаллимшилик ең абырайлы кәсип болыўы керек! Бул жолда биз, бәринен бурын, өз өмирин жас әўлад тәрбиясына бағышлаған мың-мыңлаған устаз ҳәм тәрбияшыларға сүйенемиз! Устазларды қәдирлеген жәмийет ҳеш қашан кем болмайды, өз мақсетлерине, әлбетте жетеди. Бир ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаң: халқымыз өз келешегин сизлерге исенип тапсырған. Келешегимиз қандай болыўы, бәринен бурын, сизлерге байланыслы. Бул жолда Президент сизлерди ҳәмийше қоллап-қуўатлайды, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Жаслардың тәлим-тәрбиясында ата-аналар жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сәўбетлесиўде муғаллимлер педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде кадрлар таярлаў сапасын арттырыў, мектеплерге шет тили ийелерин тартыў, жасларды кәсипке бағдарлаў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы муғаллимлерди кирип киятырған жаңа 2023-жыл менен қутлықлап, мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысында күш-ғайрат тиледи.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршысы