Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында мүрәжат етпекте.

– Мен бүгин 590 мың устаз-муғаллимлерге ҳәм тәрбияшыларға мүрәжат етпекшимен. Ҳәзирги жасларымыздың талабы жүдә жоқары.

Әпиўайы ғана телефонды үлкен әўлад түсинбейди. Бирақ оны бақлаған балаларымыз биз үлкенлерге сораў берип қыйын жағдайға салып қоймақта. Дүнья ўақыяларына байланыслы мәселелерге қызықпақта.

Перзентлеримизди алдап болмайды. Бүгин информациялық технологияларды классқа кирген муғаллимге қарағанда оқыўшылар көбирек биледи, десек дурыс болады,-Президент.


ӨзА