Нөкис қаласы ҳәкимлиги жаслар арасында «Қаламыз бойлап саяхат ет!» атамасында ең жақсы туристлик (қаламыздың туристлик ҳәм көркем өнер орынлары, миллий тағамлар, миллий кийимлер ҳәм миллий үрп-әдетлер) тематикасындағы фото-сүўретлер таңлаўын жәриялады. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Таңлаўдың дәслепки басқышы усы жылдың 20-март ҳәм 20-апрель күнлери аралығында өткериледи. Онда қатнасыўшылар жеке өзи тәрепинен түсирилген, А4 форматта, шәртли түрде рамкаланған, жоқары дәрежедеги сапада (реңли ямаса ақ-қара реңли), кеминде 3 дана фото-сүўрет менен қатнасыўы мүмкин. Ҳәр бир сүўреттиң атамасы (түсирилген орын атамасы ҳәм ўақты менен) көрсетилиўи шәрт. Фото-сүўретлердеги көринислер жаўызлық, урыс ямаса уятсызлықты және басқа да унамсыз иллетлерди үгит-нәсиятламаўы талап етиледи.

Таңлаўдың дәслепки басқышына усынылған фото-сүўретлер көргизбеге қойылады.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланады.

Таңлаў шәртлери менен толық танысыў ушын Өзбекстан жаслар аўқамының Нөкис қалалық Кеңесине мүрәжат етсеңиз болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги