Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-март күни Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўында қатнасты.
Астана қаласындағы Ақорда резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев күтип алды.
Дәслеп еки ел басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм келешегин додалады. Өз-ара бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў мәселелери ҳәм тәреплерди қызықтырған регионаллық және халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылды.
Шавкат Мирзиёев еллеримиз арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары беккемленип атырғанын атап өтти.
– Соңғы жылларда еки ел аарсындағы байланыслар жедел раўажланбақта. Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы товар алмасыў көлеми 2 миллиард АҚШ долларына жеткени қатнасықлардың қаншелли жоқары тезликте раўажланып атырғанын көрсетеди. Бул көрсеткишти 5 миллиард АҚШ долларына жеткериў жолындағы ҳәрекетлеримиз де жақын ўақытларда өз нәтийжесин береди, – деди Өзбекстан Президенти.
Нурсултан Назарбаев Шавкат Мирзиёевти Қазақстанға келгени менен қутлықлап, бул еки мәмлекет арасындағы сөйлесиўлердиң логикалық даўамы, тәреплерди қызықтырған мәселелерди шешиў ушын қолай имканият екенин атап өтти.
– Сизиң басламаңыз бенен шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўы регионда еллердиң барлық тараўлардағы бирге ислесиўинде әҳмийетли орын тутады. Өткен еки жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында ерисилген келисимлер тарийхый әҳмийетке ийе. Биз бир дәрьядан суў ишетуғын қоңсылармыз. Солай екен, мәмлекетлеримиз арасында шешилмеген мәселе болмаўы керек, – деди Қазақстан басшысы. – Соны айрықша атап өтпекшимен, Өзбекстанда алып барылып атырған ақылға уғрас сиясатыңыз бүгин пүткил регионға унамлы тәсир етпекте.
Соңғы еки жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиў байланыслары жеделлести. Еки мәмлекет басшылары усы дәўир ишинде алты мәрте түрли дәрежедеги сапарларды әмелге асырды. Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде ушырасыўлар болып өтти. Буннан тысқары, түрли ўақыялар мүнәсибети менен телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм мүрәжатлар алмасыўы шөлкемлестирилди.
2017-жылдың март айында қол қойылған Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм татыў қоңсышылықты беккемлеў ҳаққындағы Бирликтеги декларация ҳәм түрли дәрежедеги 212 ҳүжжет өз-ара байланыслардың шәртнамалы-ҳуқықый тийкарын сезилерли дәрежеде беккемлейди.
Бул өз-ара саўда көлеминиң және түриниң турақлы артыўында, энергетика ҳәм машина қурылысы тармақларында әҳмийетли инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў басланғанында, автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспорты тараўындағы бирге ислесиў кеңейгенинде бақланбақта.
Еки ел арасында товар алмасыў көлеми турақлы өсип бармақта, экономиканың түрли тармақларында ири қоспа жойбарлар әмелге асырылып атыр. Транспорт қатнаўы тараўында әмелий бирге ислесиў сезилерли дәрежеде кеңейип, регионлар арасында шериклик беккемленбекте, Өзбекстан ҳәм Қазақстанда мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў мәселелери ҳәм тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысты.
Буннан соң Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы басланды.
Бәршемизге белгили, мәмлекетимиз басшысы 2017-жылдың 10-ноябрь күни БМШ қәўендерлигинде Самарқанд қаласында болып өткен «орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўмалық келешек, турақлы раўажланыў ҳәм жетилисиў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияда усы ушырасыўды өткериў усынысын алға қойған еди. Сол ўақытта бул басламаны региондағы барлық мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер қоллап-қуўатлаған ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев биринши ушырасыўды Астанада өткериўди усыныс еткен еди.
Жоқары дәрежедеги ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон, Түркменстан Республикасы Мәжилиси Баслығы Акжа Нурбердиева қатнасты.
Ушырасыўды Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев ашты.
Саммитте регион еллери арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, терроризм, диний экстремизм, наркотик ҳәм қурал-жарақ контрабандасына қарсы биргеликте гүресиў, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў мәселелери додаланды.
Орайлық Азия географиялық ҳәм геосиясий ғана емес, ал қәдриятлары уқсас бирден-бир мәдений мәкан болып есапланатуғыны атап өтилди. Усы көзқарастан еллеримиз арасында регионлараралық бирге ислесиў мәселесине айрықша итибар қаратыў зәрүр. Бул Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды тәмийинлеген ҳалда еллеримиз аймақларының санаат, инвестиция ҳәм интеллектуал тараўлардағы потенциалын толық иске қосыў имканиятын береди.
Мәмлекет басшылары ҒМДА, ШБШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да абыройлы халықаралық структуралардың механизмлери шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүрлигин атап өтти. Ушырасыўда регион еллери арасында сиясий. саўда-экономикалық. транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға тийисли кең көлемли мәселелер көрип шығылды.
Орайлық Азия еллери халықларын көп мың жыллық туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары байланыстырып турады. Тарийх, дин, улыўмалық мәденият ҳәм дәстүрлер бирлестиреди. Регионымызда дүньяның раўажланыўына үлкен тәсир етип атырған теңи-тайы жоқ мәденият ҳәм раўажланыў бар болып ол Орайлық Азия еллериниң улыўма келешегин, турақлы раўажланыўын ҳәм тынышлығын тәмийинлеўде беккем тийкар бола алады.
Соңғы жылларда регион мәмлекетлери жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў принциплери тийкарында саўда экономикалық, транспорт коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўларда, қәўипсизлик ҳәм турақлылық мәселелеринде өз имканиятын жүзеге шығармақта. Орайлық Азияны турақлы экономикалық раўажланған ҳәм жоқары жетилискен регионға айландырыў жолында исенимли қәдем болмақта. Мәмлекетлер улыўма регион мәплеринен келип шығып шегара, суўдан пайдаланыў, транспорт ҳәм саўда сыяқлы үлкен мәселелерге нәтийжели шешим таппақта.
Атап айтқанда, бир неше жыллардан берли машқалалы мәселе сыпатында қарап келинген Өзбекстан. Қазақстан ҳәм Түркменстан мәмлекетлик шегараларының тутасқан жердеги аймағы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Өзбекстан ҳәм Қырғызстан өз шегараларының 85 проценти бойынша келисимге еристи. Транспорт тараўындағы бирге ислесиў барған сайын кеңеймекте. Тәжикстан менен тиккелей авиа, темир жол ҳәм автомобиль қатнаўы тикленди. Әмиўдәрьядан өтетуғын Түркменабад-Фароб жаңа темир ҳәм автомобиль жолларының көпирлери иске түсирилди. Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай темир жолының қурылысы бойынша келисимге ерисилди.
Өзбекстан тәрепиниң басламасы менен регион еллериниң исбилермен топарлары ҳәм жетекши кәрханалары ўәкиллериниң қатнасыўында көплеген ушырасыўлар өткерилди. Бул экономикалық байланысларды сезилерли түрде жеделлестириў ҳәм өз-ара саўда көлемин арттырыў имканиятын берди. Өзбекстанның регион еллери менен товар айланысы орташа 20-30 процентке өсти.
Өзбекстан Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери менен улыўмалық шегараға ийе. Елимиз раўажланыўының шегараларымыз қәўипсизлигинен суў ресурсларын ақылға уғрас бөлистириўге шекемги барлық турмыслық мәселелерди шешиў регион мәмлекетлери менен қатнасықларымызға тиккелей байланыслы. Транспорт-коммуникация ҳәм энергетика тараўларындағы ири регионаллық жойбарларды қоңсы мәмлекетлер менен белсене бирге ислеспей, олардың жоқары дәрежеде интеграцияласыўын тәмийинлемей әмелге асырып болмайды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўде Орайлық Азия мәмлекетлериниң саўда-экономикалық байланысларын раўажландырыў, бул бағдарда турақлы сөйлесиўди жолға қойыў, улыўма регионаллық машқалаларға биргеликте шешим табыў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўын турақлы өткериў ендигиден былай дәстүрге айланыўы керек екенлигин атап өтти.
Қәўипсизлик мәселелери додаланып, бүгинги күнде регионның барлық еллери терроризм, диний экстремизм, трансмиллий жынаятшылық ҳәм наркотрафик қәўип-қәтерге дус келип атырғаны атап өтилди.
Аўғанстанда социаллық-экономикалық инфраструктураны тиклеўге, оның регионаллық экономикалық процесслерге қосылыўына ҳәр тәреплеме көмеклесиў, шет ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында усы ел жасларының ҳәр түрли террористлик ҳәм экстремистлик структуралардың тәсирине түсип қалыўына жол қоймаў бойынша анық илажлар ислеў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў бағдарындағы мәселелерди шешиў бойынша тез жолға қойылған ҳәм биргеликте терең ойлап әмелге асырылып атырған жумысларды даўам етиў кереклиги атап өтилди.
Регионда суў ресурсларынан әдалатлы пайдаланыў мәселеси қатнасыўшылардың дыққат орайында болды.
Арал теңизиниң экологиялық жағдайы бойынша регионаллық ҳәм халықаралық дәрежедеги ис-ҳәрекетлерди бирлестириў усы машқалаға қарсы мүнәсип илаж көриўдиң тийкарғы факторы екенлиги атап өтилди.
Орайлық Азия еллери арасында инновациялық жумыс бағдарында бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, мәмлекетлер арасында экспорт-импорт мәселесинде бир-бирин қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылды.
Регион еллери арасында мәдений-гуманитарлық байланысларды, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларды беккемлеў мәселеси де күн тәртибинен орын алды. Бул Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиўди жеделлестириўдиң тийкарғы шәртлеринен бири сыпатында атап өтилди. Мәдений-гуманитарлық сөйлесиўди турақлы даўам еттириў, еллер арасында мәденият күнлерин ҳәм ҳәр қыйлы мәдений илажларын шөлкемлестириў, билимлендириў ҳәм туризм тараўындағы алмасыўларды раўажландырыў тийис екенлиги атап өтилди.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўы нәтийжели өткени, бул сыяқлы ушырасыўлар бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Орайлық Азия мәмлекет басшылары кейинги мәсләҳәт ушырасыўын 2019-жыл Наўрыз байрамы қарсаңында Ташкентте өткериўге келисип алды.
Өзбекстан регион еллери менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў тәрепдары. Соңғы еки жылда мәмлекетимиз басшысы Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға барып өз-ара байланысларды беккемлеў жолында зәрүр қәдемлерди қойды. Бир ғана Қазақстан менен еки тәреплеме товар алмасыў көлемин 2 миллиард АҚШ долларына жеткериўге ерисилди. Тәреплер 2020-жылда бул көрсеткишти 5 миллиард АҚШ долларына жеткериўди режелестирген.
Өзбекстанда қазақстанлы инвесторлардың қатнасыўында 260 кәрхананың жумысы жолға қойылған болса, қоңсы мәмлекетте елимиздиң исбилерменлериниң қатнасыўында 105 бизнес субъекти жумыс алып бармақта. 2017-жылы Астана ҳәм Ташкент қалаларында болып өткен бизнес-форумлардың нәтийжеси бойынша улыўма нырқы 1,2 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы келисимлерге ерисилди. Сиясий тараўдағы сөйлесиўлердиң раўажланыўы экономикалық байланысларды буннан былай да жеделлестириў ушын қолай орталық жаратады. Бул тек саўда айланысын ҳәм инвестициялардың көлемин кеңейтиўге хызмет етип қоймастан, ал, мәдений-гуманитарлық байланыслардың раўажланыўына да кепиллик жаратады.
Өткен жылдың сентябрь айында еки ел басшылары 2018-жылы Қазақстанда Өзбекстан жылын ҳәм 2019-жылы Өзбекстанда Қазақстан жылын өткериўге келисип алған еди.
Қазақстан Республикасы 2018-жылды елде Өзбекстан жылы деп жәриялады. Бул қазақ халқы ҳәм Қазақстан мәмлекетиниң өзбек халқына ҳүрмети, елимизге жоқары итибарының белгиси болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен «Астана опера» театрында салтанатлы мәресим болып өтти. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Президентлери ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери делегацияларының ағзалары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, шет елли ветеран мийманлар қатнасты.
Мәресимде Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев шығып сөйледи. Өзбекстан ҳәм Қазақстан басшылары бул ири илаж еки халық арасындағы мәдений байланысларды буннан былай да раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм дослық байланысларын беккемлеўде әҳмийетли роль атқаратуғынын атап өтти.
Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў жолындағы үлкен хызметлери ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти биринши дәрежели «Дослық» ордени менен сыйлықлады.
Қазақстан Республикасында Өзбекстан жылы ашық, деп жәрияланды.
Өзбек көркем өнер шеберлериниң шығыўлары жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде мәдений-ағартыўшылық илажлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, фестивальлар өткериў, Қазақстан мәденият ғайраткерлериниң Өзбекстанға сапарлары әмелге асырырылатуғыны мөлшерленген.
Усының менен, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына сапары жуўмақланды. Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўында додаланған мәселелер регионның еле иске қосылмаған шексиз имканиятларға ҳәм үлкен потенциалға ийе екени, бул жерде раўажланыў, турақлылық ҳәм тынышлықты тәмийинлеў – усы мәмлекетлер толық ерисе алатуғын бир мақсеттеги жетискенлик екенинен дәрек бермекте.
Абу Бакр ЎРОЗОВ,
ӨзА ның арнаўлы хабаршысы,
Ташкент-Астана-Ташкент