Қубла Кореяның жетекши басылымларынан бири – «The Korea Post» журналының онлайн бетинде жақында ғана Ташкент қаласында болып өткен Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериў бойынша екинши Пүткил жер жүзилик конференциясының жуўмағына бағышланған арнаўлы мақала басып шығарылды.

Автор бул илажда ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле, халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтларының басшылары, ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлердиң билимлендириў министрлери, сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў тараўында дүньяның белгили ғайраткерлери қатнасқанын атап өткен.

Мақалада усы абырайлы әнжуман ҳәр бир баланың туўылған күнинен баслап сапалы тәрбияланыў ҳәм билим алыў ҳуқықын және бир мәрте тастыйықлағаны менен бирге, ағза мәмлекетлерди ҳәмме балалардың сапалы ерте балалық билимлендириўинен пайдаланыў имканиятын, киши жастағы раўажланыў сапасын жақсылаўға, балаларды баслаўыш мектепке кириўге таярлаў ушын ғамхорлық етиў ҳәм ерте балалық билимлендириў бағдарламаларына инвестицияны көбейтиў бойынша миннетлемелерин жаңалаў ҳәм кеңейтиўге шақырғаны да сөз етилген.
Мәлим етилгениндей, «Конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, дүньяда мектепке шекемги тәлим-тәрбияға байланыслы жағдайға тоқтап өтти, миллионлаған балалардың баслаўыш билим алыў имканиятының шекленгенине итибар берди. Сол себепли киши жастағы балаларды раўажландырыў бойынша қәнигелердиң ўазыйпасы барлық балалар билимлендириў хызметинен теңдей пайдаланыўын тәмийинлеў ушын күшлерди бирлестириў ҳәм қамтып алыўды кеңейтиў зәрүр. Мине, усындай ҳәрекетлер тийкарында Өзбекстан Республикасында «инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм мәпи – жоқары қәдирият» принципинен келип шығып, халық ушын мүнәсип тәлим-тәрбия шараятын жаратыў Жаңа Өзбекстан сиясатының тийкарғы бағдары етип белгиленгени атап өтилди».

Қубла Корея басылымы Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған басламалар, атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳәрекетти системалы муўапықластырыў мақсетинде Ташкентте ЮНЕСКО регионаллық орайын шөлкемлестириў, киши жастағы балаларға билим бериў бойынша жәҳән шөлкеми менен биргеликтеги жойбарлар ҳәм изертлеўлерди алып барыў, тәрбияның жаңаша усылларын енизиў, методикалық қолланбалар таярлаў, алдыңғы тәжирийбе, заманагөй интерактив оқытыў усылы, әмелий билим ҳәм көнликпе менен өз-ара алмасыў мақсетинде Тәрбияшылардың халықаралық жәмийетшилигин шөлкемлестириў, 2024-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен өткерилетуғын Келешек саммитиниң улыўмалық күн тәртибине тийкарғы темалардан бири сыпатында киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериў мәселесин киргизиў сыяқлы әҳмийетли усыныслардың актуаллығына итибар қаратқан.

ӨзА