Усы жыл 14-декабрь күни Нөкис қаласындағы  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған майданда «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 1992-жыл 14-декабрь күни Қорақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда Президентимиздиң идеялары, баслаған ийгиликли ислери, белгилеп берген əҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мəнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дəўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.

Илажда сондай-ақ Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтыныӊ кафедра баслығы, тарийх илимлериниӊ докторы Я.Абдуллаева, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры  К.Каримов мәмлекетлик нышанлар, соныӊ ишинде байрақтыӊ жәмийетлик турмыстағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Байрам илажы көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.


















Қарақалпақстан хабар агентлиги