18-ноябрь күни пайтахтымыздағы «Жеңис парки»нде Шыршық полигонында ҳәпте даўамында мәмлекетлик басқарыў уйымлары қатнасыўында шөлкемлестирилген жыйынның кейинги басқышы болып өтти.

Төрт күн даўамында Қорғаныў министрлигине қараслы Шыршық улыўма әскерий полигонында мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында жыйын өткерилди. Онда министрлер, баслықлар, агентлик ҳәм испекция баслықлары, бас директорлар ҳақыйқый әскерий хызмет орталығында шынығыў иследи.












Қатнасыўшылар тек ғана әскерий шынығыўлар менен шекленип қалмады. Бул жыйын даўамында мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары жәҳән ҳәм региондағы әскерий-сиясий жағдай бойынша аналитикалық мағлыўматлар, Қураллы Күшлерди раўажландырыўда әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысы ҳәм роли менен танысты. Сондай-ақ, жыйын қатнасыўшылары байланыс, тактикалық-медициналық, әскерий спорт ҳәм атыў таярлықларынан өтип, өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин және де беккемледи.
Соның менен бирге, оператив, мобилизациялық шақырыў, әдеп-икрамлылық-руўхый, тактикалық таярлықлардан өтиў арқалы заманагөй армиямызда алып барылып атырған реформалардан ҳәр тәреплеме хабардар болып барды. Олардың арасында ҳәр қыйлы спорт ойынлары бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Жыйынның соңғы күнинде қатнасыўшылар Шыршық жоқары танк сәркардалық-инженерлик оқыў орнының жумысы менен жақыннан танысты. Буннан соң қорғаныў министриниң жаўынгерлик таярлық бойынша орынбасары Қодир Турсуновтың қатнасыўында «Жеңис парки»нде салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда барлық қатнасыўшылар қорғаныў министриниң миннетдаршылық хаты ҳәм белсене қатнасқан қатнасыўшылар ҳүрмет жарлық пенен сыйлықланды.

ӨзА