9-ноябрь күни Ташкент қаласында Олимпиада қалашасы қурылысының тырнағы қаланды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимге Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында бәршени бул тарийхый ўақыя менен қутлықлап, жойбардың әҳмийети туўралы айтты.

– Бизиң  өз жолымыз, нийетлеримиз, режелеримиз бар. Бүгин әмелге асырып атырған тарийхый ислеримиз өзиниң үлкен нәтийжесин беретуғынына исенемиз. Әне, усы исеним бизге күш-ғайрат береди, – деди  Шавкат Мирзиёев.

Елимизде спортты ғалаба ен жайдырыў, спортшыларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Кейинги бес жылда спорт тараўына дерлик 4 триллион сум қаратылып, 118 ири объект пайдаланыўға тапсырылды ҳәм 110 ы реконструкцияланды.

Итибар ҳәм шараят нәтийжесинде усы жылдың өзинде спортшыларымыз ҳәр қыйлы халықаралық жарысларда 1 мыңнан аслам медальды қолға киргизди. Соның ишинде, Ҳиндстанның Ченнай қаласында өткен шахмат олимпиадасында миллий сайланды командамыз биринши орынды ийеледи. Түркияның Коня қаласында болған Ислам тилеклеслиги ойынларында болса ўәкиллеримиз жәми 158  медаль менен улыўма командалық есапта екинши орынды алды.

Усындай нәтийжелер себепли спортшыларымызға дүнья тән берип, абырайлы халықаралық жарысларды өткериў Өзбекстанға исенип тапсырылмақта. 2021-жылы Ташкентте аўыр атлетика бойынша, быйыл дзюдо бойынша жәҳән чемпионатлары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Келеси жылы елимизде бокс бойынша жәҳән чемпионаты және континент көлеминдеги көплеген турнирлер болып өтеди.

Күтилип атырған әнжуманлардан ең абырайлысы Жаслар арасында Азия ҳәм Параазия ойынлары болып табылады. Бул жарыслар 2025-жылы Ташкентте өткериледи.  Онда континентимиздеги  45 мәмлекеттиң жаслары 20 ға шамалас спорт түри бойынша беллеседи.

Бундай абырайлы халықаралық жарыс Өзбекстан тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилетуғынын атап өтиў керек. Оны жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде заманагөй Олимпиада қалашасын қурыў жойбары ислеп шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бул жойбар менен бир неше мәрте танысып, көрсетпелер берген еди. Бул усыныслар бас жойбарлаўшы – Қытайдың «CAMC Engineering» компаниясы менен жуўмағына жеткерилди.

– Олимпиада қалашасы халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының сенсациялық жеңислериниң нышанына айланатуғынына исенемен. Бул жер архитетуралық жақтан толық, энергия үнемли ҳәм ең алдыңғы инновациялық шешимлерди жәмлеген заманагөй  комплекс болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жойбардың баҳасы 289 миллион доллардан зыят. Қалашаның майданы 100 гектар. Бул жерде 10 мың орынлық жеңил атлетика ҳәм футбол стадионы, 6 жабық ҳәм 7 ашық спорт объектлери, суў спорты сарайы, велотрек, жеке гүрес, командалық спорт комплекслери қурылады.

– Егер даңқлы тарийхымызға нәзер салсақ, ата-бабаларымыз келешек әўладлар ушын саўлатлы имаратлар қурғанының гүўасы боламыз. Биз де бабаларымыздың мине, усындай ийгиликли дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип, мәмлекетимизде үлкен дөретиўшилик жумысларын әмелге асырмақтамыз. Әлбетте, бундай ири жойбарлар көпшиликтиң биргеликтеги ҳәрекети, мийнеткеш халқымыздың белсене қатнасыўы менен жүзеге шығады, – деди Президент.

Соны да айтыў керек, комплекс жарыслардан соң босап қалмайды. Соң бул жерде Спортты раўажландырыў министрлиги, спорт федерациялары ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы жумыс алып барады. Комплекслерде жерлеслеримиз де спорт пенен шуғылланыўы мүмкин болады.

Илажға белгили спортшылар, федерациялардың басшылары, тараў ветеранлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери келди.

Президент Шавкат Мирзиёев Олимпиада қалашасы қурылысының тырнағын қалады.

– Мәмлекетимизде барлық тараўларда жойбарлар, имаратлар көбеймекте. Олардың тийкарында уллы халқымыздың үлкен мийнети жатыр, уллы халқымыздың нийети, ертеңги күнге исеними жатыр. Қуда қәлесе, бундай жойбарлар еле көп болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәресимде Азия Олимпия Кеңесиниң бас директоры Ҳусайн ал-Муссалам, Азия Параолимпия комитетиниң президенти Мажид Рашид, «CAMC Engineering» компаниясының бас директоры Ли Хайсин, Өзбекстан спорт шөлкемлери ветеранлар кеңесиниң баслығы Баҳодир Махситов ҳәм жас спортшылар шығып сөйлеп, қалашаның болажақ шараятлары ҳәм әҳмийети ҳаққында сөз етти.