Дүньядағы қурамалы жағдай, транспорт-логистика ҳәм өндирис шынжырларындағы үзилислер, энергоресурслар менен байланыслы машқалалар мәмлекетимизге де тәсир етип атырғаны атап өтилди.

Жәҳән финанс базарларындағы өзгерислер тәсиринде шеттен тартылатуғын ресурслар баҳасының артып атырғаны атап өтилди.

Соның ушын, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, тармақ басшылары, ҳәкимлер бул қыйын шараятта имканият излеўи, бар потенциалды ислетиўи, усыныс ҳәм баслама көрсетиўи кереклиги, келеси жылға өзине анық реже ҳәм жуўапкершилик алыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

Усы жылдың 9 айында санаат 5,3 процентке өсти. Бирақ 65 ири аймақлық кәрханада өндирис 1,6 триллион сумға азайған.

Министрлер Кабинетине өндирис қысқарған тармақлардағы кәрханаларға айланыс қаржысы, салығы, транспортына жәрдем берип, толық қуўатлылыққа шығарыў бойынша тапсырма берилди.

ӨзА