Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинге Қытай Коммунистлик партиясының ХХ съезди табыслы өткени ҳәм оның партияның Орайлық комитети Бас хаткери лаўазымына қайта сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

«Қытай Халық Республикасы Сизиң басшылығыңыз астында мисли көрилмеген жетискенликлерге ерисип келмекте. Узақты гөзлеген дана сиясатыңыз, алып барып атырған кең көлемли реформаларыңыз, бәринен бурын, Қытай халқының турмыс тәризин түп-тийкарынан жақсылаўға ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын беккемлеўге хызмет етпекте», делинеди қутлықлаўда.

Мәмлекетимиз басшысы Си Цзиньпин тәрипенен жәрияланған жаңа режелер ҳәм алға қойылған барлық басламалар Қытай мәмлекетиниң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынына ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттыратуғынына исеним билдирген. Бүгинги күнде Қытай Өзбекстанның жетекши саўда шеригине айланғаны, мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиў тараўларда жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилген.

«Сиз, әзиз достым менен буннан кейин де дослық ҳәм ашық сөйлесиўлерди даўам еттириўге таяр екенимди билдиремен. Келешекте Өзбекстан-Қытай өз-ара пайдалы байланысларды биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен буннан былай да жоқары шеклерге, әлбетте, алып шығатуғынымызға беккем исенемен», делинеди қутлықлаў хатында.

Мәмлекетимиз басшысы Си Цзиньпинге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында жаңадан-жаңа табыслар, дос Қытай халқына болса тынышлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

ӨзА