Фото: Арал теңизи жағасы

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 22-февраль күни болып өткен видеоселекторда шет елли туристлердиң ағымын көбейтиў ҳәм ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, туристлик хызметлерди жақсылаў ҳәм хызмет түрлерин кеңейтиў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги сын көзқарастан талқыланған еди.

-Бүгинги күни республикамызда жәми 34 туристлик шөлкем жумыс алып барып, олар тәрепинен өткен жылы 8246 туристке хызмет көрсетилди,-дейди Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Байрам Кусекеев.-Республикамызға тийкарынан Франция, Уллы Британия, Германия, АҚШ, Россия ҳәм Япония еллеринен туристлер көплеп келмекте. Оларға 314,5 мың АҚШ доллары муғдарында экспорт хызмети көрсетилди.

Фото: Арал теңизи жағасы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январьдағы «2017-2018-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыўдың Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша қабыл етилген илажлар режеси шеңберинде Арал теңизиниң жағысында еки туристлик комплекс иске түсирилди. Мойнақ районындағы «Ашық аспан астындағы кемелер музейи» әтирапында «Muinok tour» ЖШЖ тәрепинен 4 қара үй, «Мойнақ» маяги ҳәм аўқатланыў орны шөлкемлестирилди. Бул объектлердиң әтирапы абаданластырылып, теңиздиң тарийхы ҳәм картасы жазып қойылды.

Фото: Елликқала. Ақшакөл

Быйылғы жылы Нөкис қаласында, Төрткүл, Елликқала ҳәм Мойнақ районларында заманагөй мийманханалар, жайластырыў объектлерин қурыў режелестирилмекте. Буннан тысқары, Мойнақ районындағы «Судочье» көлиниң бойында дем алыў орайын, балық өнимлеринен миллий тағамлар таярлайтуғын аўқатланыў орнын шөлкемлестириў жойбарлары ислеп шығылмақта.

Фото: Судочье

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-январьдағы «2018-2019-жылларға мөлшерленген Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы» тастыйықланған болып, онда жәми 42 жойбарды әмелге асырыў, соның ишинде  8 мийманхана, 3 кемпинг, 3 логистика орайы ҳәм 1 туристлер ушын аўқатланыў орнының қурылысы нәзерде тутылған. Мойнақ районында аймақтың этнографиялық өзгешелигинен келип шыққан ҳалда «Ethno-Village», Елликқала районындағы «Ақша қөл»диң жағасында туристлик комплекслер қурыў режелестирилмекте. Пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан саяхатшыларды қамтыған ҳалда турлар шөлкемлестирилип атыр. Арал бойының туризм және экотуризм потенциалы туўралы өзбек, рус, инглис тиллеринде каталог, китап ҳәм флайерлер таярланады. Миллий көркем өнеримиз, үрп-әдетлеримиз, дәстүр және қәдириятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Жаслар фольклоры» республикалық фестивалы, «Аббаз ҳаўазы, Қаратерең ырғақлары» фольклор фестивалы, жыраўлар, бақсылар, шайырлар ҳәм қыссаханлардың қатнасында «Қур» фестивалы өткериледи.

Фото: Мойнақ. Ески тениз жағысындағы отаўлар

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекистан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының, 2017-жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларды турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири сыпатында ишки туризмди жедел раўажландырыў, пуқараларды елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасы ҳәм тәбийғый байлықлары менен таныстырыў мақсетинде «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси, Ҳаял-қызлар комитети, «Мәҳәлле», «Нураний» қорлары  менен биргеликте туризм инфраструктурасының бәнтлигин есапқа алған ҳалда аймақлар және тартылған шөлкемлер көлеминде турлар ҳәм экскурсияларды шөлкемлестириў кестелери тастыйықланбақта. Бунда халқымызды, әсиресе, мәҳәлле белсендилерин, нураныйларды, жасларды ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ўәкиллерин елимиз бойлап тарийхый орынларға алып барыў илажлары көрилмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы