Президентимиздиң усы жылы 30-сентябрьде «Исбилерменлик субъектлериниң экспорт потенциалын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-ноябрьден бир экспорт шәртнамасы шеңберинде келип түспеген валюта суммасы экспортқа жүкленген жәми өним баҳасының 5 процентинен артпаған жағдайда мүддети өткен дебитор қарыздарлық есапланбайды ҳәм исбилерменге жәрийма қолланылмайды.

Экспорт шөлкемлерине пайда ҳәм айланыстан алынатуғын салық бойынша салық базасын азайтыў түриндеги жеңилликлер товарларды реализациялаўдан түскен улыўма түсимдеги экспорт көлеминиң үлесине қарамастан қолланылады.

Қаўын, канакунжут, хантал ҳәм сафлор красильный туқымларының экспортына рухсат бериледи. Экспортшы кәрханаларды ашық таңлаў арқалы таңлап, оларды жетекши экспортёрларға айландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасы әмелге асырылады.

Бағдарламаға киргизилген экспортшы кәрханаларға Экспортты қоллап-қуўатлаў қорынан экспорталды ҳәм экспортқа байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыўы ушын соңғы 12 айдағы экспорт көлеминен келип шығып, финанслық жәрдемлер көрсетиледи.

Экспорт көлеми 1 миллион доллардан 5 миллион долларға шекем болғанда – 1 миллион долларға шекем, экспорт көлеми 5 миллион доллардан 10 миллион долларға шекем болғанда – 2 миллион долларға шекем финанслық жәрдемлер көрсетиледи.

Сондай-ақ, экспорт көлеми 10 миллион доллардан 15 миллион долларға шекем болғанда – 3 миллион долларға шекем, экспорт көлеми 15 миллион доллардан 20 миллион долларға шекем болғанда – 4 миллион долларға шекем экспорт көлеми 20 миллион доллардан аслам болғанда – 5 миллион долларға шекем финанслық жәрдемлер көрсетиледи.

Қалаберсе, бир халықаралық стандартты енгизиў ҳәм сертификатты алыўы ушын оларға 30 мың АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда финанслық жәрдемлер көрсетиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги