Пайтахтымзда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясының ашылыўына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Бул илажда ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, Халықаралық мийнет шөлкеми, сырт еллердиң кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жуўапкерлери қатнасты.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Қудратилла Рафиқов, Өзбекстан Қаҳарманы, Илимлер академиясы Математика институтының директоры Шавкат Аюпов, Өзбекстан халық артисти Ёдгор Саъдиев ҳәм басқалар мәмлекетимизде инсан, оның ҳуқықлары менен мәплери ең уллы қәдирият екени, жедел жаңаланыў процесслери ҳәр бир ўатанласымыздың турмысында анық өз көринисин таўып атырғанын атап өтти.

Бүгин жеделлик пенен өзгерип баратырған дәўирде мийнет қатнасықлары, миллий мийнетке байланыслы нызамшылық, мийнеткешлердиң ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәселеси ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ҳәр бир пуқара өзиниң мийнет ҳуқықлары, өзиниң социаллық қорғалыўы, тараўға байланыслы миллий нызамшылықтан бийхабар болса, олар аўыр машқалаларды пайда етиўин дәўирдиң өзи көрсетпекте. Елимизде мийнет тараўындағы ҳуқықый қатнасықлар, мийнеттиң қорғалыўы, хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы менен байланыслы болған тараўларда қәнигелерге талап жоқары екени күн сайын айдынласып баратырған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-августтағы тийисли қарары тийкарында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы шөлкемлестирилди. Бул қарарға муўапық, мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында халықаралық талаплар менен стандартларға муўапық маман кадрларды таярлаў, экономика тармақларының жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талапларын қанаатландырыў, тараўға байланыслы машқалаларға илимий ҳәм әмелий жақтан шешим табыў бул академияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында белгиленди.

Заманагөй инновациялық ҳәм илимий-педагогикалық технологияларды, илим ҳәм техниканың ең соңғы жетискенликлерин қолланған ҳалда мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында талап жоқары болған кәсиплер, бағдарлар ҳәм қәнигеликлер бойынша маман кадрларды таярлаў, билимлендириўдиң тийисли бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў, студентлер ҳәм жас қәнигелерди  тартқан ҳалда фундаменталь ҳәм илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў, оқыў системасына жетекши сырт ел шөлкемлериниң тәжирийбесин енгизиў академияның тийкарғы жумыс бағдары болып есапланады. Соның менен бирге, мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар бойынша кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы жаңа билимлендириў бағдарламаларын оқытыўдың инновациялық түрлерин ислеп шығыўға ҳәм енгизиўге үлкен итибар қаратылады.

Академия мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар тараўында халықаралық талап ҳәм стандартларға муўапық тәжирийбели кадрлар таярлаў, экономика тармақларының жоқары мағлыўматлы қәнигелерге, сондай-ақ, илимий-әмелий изертлеўлерге болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Россия, Әзербайжан, Беларусь, Қытай, Италия (Халықаралық мийнет шөлкеми жанындағы Турин оқыў орайы), басқа да институтлар, тийисли миллий ҳәм халықаралық структуралар менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўды режелестирген. Бул бирге ислесиў оқыў жумысын, комплексли оқыў жойбарларын, мәсләҳәт хызметлерин, оқыў материалларын ислеп шығыўды өзине қамтыйды. Академияда «Мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги», «Турмыстағы ҳәрекет қәўипсизлиги», «Инсан ресурсларын басқарыў», «Психология», «Менеджмент», «Юриспруденция» сыяқлы тәлим бағдарлары бойынша кадрлар таярланады.

– Ҳәзирги күнде мийнет қатнасықлары, мийнетти қорғаў тараўында экспертлер тилинде «сөйлесетуғын», жоқары профессионал шеберлик пенен қатнасатуғын қәнигелер жүдә зәрүр болып есапланады,-деди Халықаралық мийнет шөлкеминиң Өзбекстанда бәнтликти раўажландырыў жойбарының координаторы Анастасия Дубова. – Мийнетке байланыслы нызамшылық ҳәм ҳуқықый қатнасықлар, мийнетти қорғаўға байланыслы мәселелер жаңаша көринис ҳәм түрге енип бармақта. Усы мәниде бул академия өз жумысы, ўазыйпасына бола Өзбекстанда емес, ал Орайлық Азияда бирден-бир екенлиги менен әҳмийетли. Бул жоқары оқыў орнындағы оқыў процеси халықаралық стандарт ҳәм талапларға толық жуўап бериўи менен дыққатымызды тартты. Ҳәзирги ўақытта бул академияның Халықаралық мийнет шөлкеминиң Туриндеги оқыў орайы менен бирге ислесиўин жолға қойыўды режелестиргенбиз.

– Академияда студентлердиң жәҳән үлгилери дәрежесинде билим алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылғанының гүўасы болдық, – деди Египет Араб Республикасының Коммуналлық ҳәм газ шөлкемлери кәсиплик аўқамларының бас хаткери Муҳаммед Ҳасан. – Египетте бундай академияның өзи жоқ. Бизде кәсиплик аўқамлардың шөлкемлери ушын қәнигелер таярлайтуғын аймақлық оқыў орайлары ғана бар. Елиңизде Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясының шөлкемлестирилгени бизди жүдә таң қалдырды.

– Бул жоқары оқыў орнының шөлкемлестирилиўи процесинде мийнет базарын пуқта үйренген ҳалда ҳәм социаллық қатнасықлар тараўы ушын қандай кадрларға талап күшли екени терең талланды,-деди Кәсиплик аўқамлары Федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясының проректоры Азим Мирзажонов. – Академияда оқыў тилегинде болған 1200 ге шамалас талабан ҳүжжет тапсырған болса, олардан  250 ге шамаласы оқыўға қабыл етилди. Бул жоқары оқыў орны шөлкемлестирилгеннен соң, мийнетти қорғаў, хызметкерлер ушын жақсы жумыс шараятларын жаратыў, психология, мийнет тараўындағы ҳуқықый қатнасықлар бойынша келешекте терең илимий тийкарланған ҳалда жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў жолға қойылды. Академияның педагогикалық қурамы қәлиплестирилди. Бул жерде мийнет ҳәм социаллық қатнасықлардың жети бағдары бойынша қәниге таярлаўға илимий тийкарланған ҳәм орайласқан ҳалда итибар қаратылмақта.

– Социаллық тармақлар арқалы бул академияға қабыллаў бар екенлигинен хабардар болдым, -деди усы академияның психология тәлим бағдарында оқып атырған Севинч Абдиева. – Тест сынақларынан табыслы өтип, студент болғанымнан қуўанышлыман. Бул жерде өзимиз сайлаған бағдар бойынша билим алыўымыз ушын зәрүр барлық шараят ҳәм имканиятлар жаратылған.

Ҳақыйқатында да, академияда билимлендириў жаңа технологиялар тийкарында үскенеленген аудиторияларда алып барылады. Бул жерде электрон китапхана, физика ҳәм химия илимлери бойынша лабораториялар, спорт комплекси, жатақхана бар. Билимлендириў процесиниң автоматластырылыўы бойынша «Платформа» комплекси де енгизилген. Бийпул интернет, китапхананың оқыў ҳәм электрон заллары болып, электрон китапханадан аралықтан пайдаланыў мүмкин. Тийкарғы сабақлардан соң студентлердиң илимлер бойынша еркин шуғылланыўы ушын компьютер класслары ҳәм арнаўлы ханалар бар.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында шөлкемлестирилген бул академия мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар, ўатанласларымыздың мийнетке байланыслы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша жоқары потенциаллы кадрларды таярлаў бойынша әмелий жумысларды жаңа басқышқа алып шығатуғыны сөзсиз.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы