Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилген “Үмит нәлшелери 2022” спорт ойынларына Қараөзек районынан спорттың 11 түри бойынша 100 ден аслам спортшы жаслар қатнасып, олар улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеген ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланған еди.

Қараөзекли оқыўшы жаслардың бул қуўанышларын бирге бөлисиў мақсетинде, бизлер районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм оған қараслы 8-16-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болдық.

-Районымызда оқыўшылардың заман талабына сай оқып билим алыўы ҳәм спорт пенен шуғылланыўлары ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған,-дейди бизге Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Аяпберген Қалилаев.-Усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған оқыўшыларымыз Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм көлеминде өткерилип киятырған жарысларға белсене қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. Әсиресе, республикалық көлемде мектеп оқыўшылары арасында өткерилген «Үмит нәлшелери-2022» спорт жарысында  районымыз оқыўшыларының сыйлы биринши орынды ийелеп, Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы ҳәм басқа да қымбат баҳалы саўғаларды қолға киргизиўи, пүткил районымыз халқын шексиз қуўанышқа бөледи.

Соның ишинде районымыз оқыўшылары спорттың волейбол, футбол ҳәм спорт гимнастикасы түринен биринши, миллий гүрес ҳәм шахматтан екинши, гандбол ҳәм көркем гимнастикадан үшинши орынларды ийелеўге миясар болды. Әлбетте, бул оқыўшыларымыздың бул жетискенликлери өз-өзинен болған жоқ. Бунда районымызда оқыўшыларымыздың өзлери қызыққан спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын жаратылған шараят, оларға тәлим-тәрбия берген муғаллим устазлардың мийнетлери айрықша болды. Әсиресе, район ҳәкими Узақберген Утамбетовтың балаларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўы ҳәм хошаметлеўи оқыўшыларымызға үлкен күш-жигер бағышлайды. Алдағы ўақытлары оқыўшыларымыз усы пәтти жаздырмастан ҳәр қыйлы спорт жарысларында жеңимпаз болатуғынлығына беккем исенемен.

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектеби район орайынан әдеўир алыста жайласқан.

Бүгинги күни мектепте 364 оқыўшы тәлим алмақта. Мектепте оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын 15 пән дөгереги ҳәм 4 спорт секциялары турақлы жумыс алып барып, оларға қызығыўшылықларына қарай оқыўшылар тартылған.

-Әсиресе, спорттың гүрес түри менен шуғылланыўшы оқыўшыларымыз район ҳәм республика көлеминде өткерилип киятырған жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте,-дейди мектеп директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Амангелди Азизов.-Соның ишинде бес оқыўшымыз «Үмит нәлшелери-2022» жарысларында республикада 1-2-3-орынларды ийелеп, ноутбук, телевизор ҳәм велосипедлер менен сыйлықланды. Бул әлбетте, оқыўшыларымызға қосымша мотивация болды.

Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де оқыўшылардың ҳәр тәреплеме билимли ҳәм саламат инсанлар болып жетилисиўине айрықша итибар қаратылған. Келешегимиз болған жас әўладтың тәлим-тәрбиясына қаратылған итибардың нәтийжесинде, мектеп оқыўшылары пәнлер олимпиадасы, ҳәрқыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

-Спорттың волейбол түри менен 4 жылдан бери турақлы шуғылланып келмектемен,-дейди бизге усы мектептиң 9-класс оқыўшысы Байрамбай Орынбаев.-Усы жыллар ишинде бизлер мектбимиз командасы менен район ҳәм республика көлеминде өткерилип киятырған жарысларға қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип киятырман. Әсиресе, «Үмит нәлшелери-2022» спорт жарысында 1-орынды ийелеп, ноутбук пенен сыйлықланыўым мени, устазларымды ҳәм ата-анамды үлкен қуўанышқа бөледи. Келешекте мен волейбол менен шуғылланыўымды еле де даўам етип, Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында жеңимпазлықты қолға киргизип, елимиз байрағын бәлентлерде желбиретсем деймен.

Әлбетте, арзыў-нийетлер инсанды алға умтылдырады. Ал, хошамет болса, жаңадан-жаңа шыңларға қарай баслайды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы