Қарақалпақстан Республикасы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, оқыўшылардың ата-аналарының қатнасыўында «Ашық есиклер күни» илажлары шеңберинде «Имканымсаң -бәркамал әўлад» сүрени астында дөгереклер ярмаркасы байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажда «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериндеги дөгерек ағзаларының концерт бағдарламалары, көргизбелери ҳәм мастер-класслары шөлкемлестирилди. Мақсет – усы дөгереклердиң жумысларын халыққа кеңнен таныстырыў, оқыўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде оқыўшыларды усы мектеплердеги дөгереклерге тартыў болып есапланады.

Онда атап өтилгениндей, республикамыз бойынша ҳәзирги ўақытта «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде «Мәденият ҳәм көркем өнер», «Техникалық, конструкторлық ҳәм моделлестириў», «Денетәрбия ҳәм спорт», «Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм мектепке шекемги таярлық», «Шет тиллери», «Экология» сыяқлы жәми жети бағдарда 772 дөгерек шөлкемлестирилген болып, оларға 22176 оқыўшы қатнасып, оқыўдан тысқары ўақытларында өзлери қызыққан өнерлерин үйренбекте.

Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби тәрепинен 2022-2023-оқыў жылында 10-санлы көзи әззилер мектеп интернатында шахмат, сүўретлеў көркем өнери, ментал арифметика дөгереклери шөлкемлестирилип, оған 120 дан аслам оқыўшы ағзалыққа қабыл етилди.

Сондай-ақ, илажда «Өнермент» бирлеспеси кеңесиниң уста өнерментлериниң көргизбелери, мәденият тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламалары, оқыўшылардың дөретиўшилик жумысларының дөгереклер ярмаркасы да шөлкемлестирилип, булар қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.









Усындай «Ашық есиклер күни» илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде болып өтпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери