Усы жылдың 5-сентябрь күни Қытайдың Сичуань провинциясында күшли жер силкиниў жүз берди. Ҳәзирги ўақытқа шекем апатшылық ақыбетинде 65 адам қайтыс болғаны мәлим болды.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Басшысы Си Цзиньпинге кеўил билдирди.

Пүткил Қытай халқына ҳәмдәрт екенлигин билдирип, мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирди, жәбирленгенлерге тәўир болып кетиўин тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги