Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларын кеңнен енгизиў бағдарында жаратылған имканиятлардан өнимли пайдаланып, республикамыздың қүдиретин ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға үлкен үлес қосып киятырғаны, өзиниң интасын, билими менен тәжирийбесин көрсетип, тараўға инвестицияларды тартыў, жойбарларды табыслы әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыў жолында айрықша үлги болып атырғаны, сондай-ақ, жәмийетте өз-ара жәрдем, сақыйлық ҳәм мийрим-шәпәәтти күшейтиўге қаратылған ийгиликли жумысларға белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Джуманиязов Муминбай Аминович – Төрткүл районындағы «Мустафа фарм» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шприц заводы директоры.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

2022-жыл 20-август