Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық тараўларында өз-ара пайдалы биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарларды табыслы әмелге асырыўдағы үлкен үлеси, елимизде диний-ағартыўшылық тараўында алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, мусылман дүньясының ойшыллары, уллы уламалардың дүнья цивилизациясына қосқан бийбаҳа үлесин терең изертлеў, муқаддес ислам дининиң адамгершилик мазмунын ҳәр қыйлы миллетлер ҳәм халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, мусылман үмметиниң татыўлығын күшейтиў бағдарындағы нәтийжели ҳәм ибратлы ислери, сондай-ақ, халықларымыздың көп әсирлик дослығын ҳәм аўызбиршилигин буннан былай да беккемлеў, исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет қатнасықларын жақсылаў жолындағы үлкен хызметлери ушын Саудия Арабстаны Патшасы, Еки муқаддес мешит хызметкери Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд Өзбекстан Республикасының «Олий даражали Имом Бухорий» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-август