Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2022-жыл 9-18-август күнлери Конья қаласында (Түркия) болып өткен V Ислам тилеклеслик ойынларында ерискен жетискенликлери менен Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўға қосқан үлеси ушын жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларды және оларды таярлаған тренерлерди хошаметлеў, жасларды профессионал спортқа кеңнен тартыўды мәмлекет тәрепинен буннан былай да қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. а) V Ислам тилеклеслик ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшылары:

алтын медаль ушын – 5 000 АҚШ доллары;

гүмис медаль ушын – 3 000 АҚШ доллары;

бронза медаль ушын – 2 000 АҚШ доллары;

б) V Ислам тилеклеслик ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшыларын таярлаған тренерлер:

алтын медаль ушын – 2 500 АҚШ доллары;

гүмис медаль ушын – 1 500 АҚШ доллары;

бронза медаль ушын – 1 000 АҚШ доллары муғдарында ҳәр бир медаль ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди.

Усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер Министрлер Кабинетиниң резерв қорларының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий олимпияда комитети (Ш.Ташматов, О.Қосимов), Өзбекстан Миллий паралимпияда комитети (М.Ташходжаев), тийисли спорт федерация (ассоциация)лары:

V Ислам тилеклеслик ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшыларын таярлаған тренерлердиң дизимин тастыйықласын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) менен биргеликте бир мәртелик ақшалай сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылыўы және бул процесс халаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

  1. 3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-август