«Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм басқарыў шөлкемлерин финанслық жақтан жақсылаў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-346-санлы, 04.08.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарар менен 2022-жыл 1-сентябрьге шекем машқалалы кредит қарызы бар турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң (ТЖЭК) басқарыў усылын өзгертиў бойынша улыўма мәжилис қарары қабыл етилсе, олар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланады.

Онда:

– машқалалы банк кредитлери бар ширкетлер банктиң жуўмағы алынған жағдайда сапластырылыўы мүмкин;

– сапластырылған ямаса басқарыў усылы өзгертилген ширкетлер басқарыўындағы көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ушын, қағыйда тәризинде, рейтинги жоқары болған басқарыўшы шөлкемлер тартылады;

– Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тартылған басқарыўшы шөлкемниң жумысын, хызметлердиң сапасын 6 ай мониторинг етеди ҳәм көп квартиралы турақ жайларды басқарыў жумысын әмелге асырыў қағыйдаларына әмел етпеген басқарыўшы шөлкемлерге илажларды қолланады.

2022-жыл 1-ноябрьден:

– көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымлары басқарыў жумысын, олар электрон реестрге киргизилгеннен кейин әмелге асырылады;

– турақ жайларды жойбар ҳүжжетлеринде, кадастр паспортында улыўма пайдаланыўдағы мүлк дизими анық көрсетиледи;

– қурылысы тамамланған көп квартиралы турақ жайларға рухсатнама берилгеннен кейин жойбар ҳүжжетлери, кадастр паспорты ҳәм бул рухсатнама улыўма мүлкти азайтыў ҳәм тутас жерде қосымша объект қурыў ушын өзгерислер киргизиў қадаған етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги